Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен «Мәртебеӊ бәлент болсын, ана тилим» атамасындағы байрам илажы болып өтти.  

Оған жазыўшы-шайырлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажды директордыӊ оқыў ислери бойынша орынбасары  Қ.Атаназаров кирис сөзи менен ашты. Буннан соӊ, «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Абдиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тил ҳәр бир миллеттиӊ айнасы, ар намысы екенлиги, тилди сақлаў ҳәм раўажландырыў миллетиӊ келешегин белгилеп беретуғынына тоқтап өтилди. Мийманлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлады

Илажда «Қарекеӊше онлайн» командасы тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы тамашагөйлердиң нәзерине усынылды. Онда, әдебий оқыў, миллий аяқ ойынлар, қыз-жигитлер айтысы студент-жаслар тәрепинен шеберлик пенен атқарылды.



Сондай-ақ, байрам кешеси шеӊберинде қарақалпақ тили байрамы мүнәсибети менен өткерилген шығармалар ҳәм видеороликлер таӊлаўларыныӊ жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги