Өзбекстан Илимлер академиясының Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты тәрепинен Илимлер академиясы Шығыстаныў институты менен биргеликте 1-декабрь – Қарақалпақ тили күни мүнәсибети менен «Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ тили ҳәм әдебиятының раўажланыўы мәселелери» атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти.
Әнжуманда қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгеннен берли өткен 33 жыл ишинде қарақалпақ тилиниң турмысқа енгизилиўи менен байланыслы жетискенликлер ҳәм кемшиликлер, ҳәзирги қарақалпақ тил билими, әдебияттаныўы ҳәм фольклористикасы алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар, машқалалар ҳаққында қысқаша сөз етилди.
Илажда ҳәр түрли темаларда баянатлар оқылып, оларда қарақалпақ тил билиминиң ғәрезсизлик дәўиринде раўажланыў принциплери, қарақалпақ тилиниң ҳуқықый статусы, қарақалпақ терминологиясы ҳәм оны тәртипке салыў, морфология, лексикография тараўларына байланыслы мәселелер талқыланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги