Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институты мәмлекет тәрепинен билимлендириў системасы ушын ажыратылып атырған қәрежетлер халықтың арасында кәмбағаллық дәрежесин қысқартыўға қалай тәсир ететуғынын баҳалаў бойынша изертлеў өткерди.

Изертлеў нәтийжелерине бола, мәмлекет тәрепинен  билимлендириў системасына ажыратылып атырған қаржылардың 1 процентке артыўы қәмбағаллықты 0,03 процентке қысқартыў имканиятын береди. Соның менен бирге, ЖИӨниң өсиўи, саўда-сатық және жалпы капитал қойылмалардың артыўы, инфляцияның төменлеўи сыяқлы факторлар кәмбағаллық дәрежеси менен кери байланысқа ийе.

2020-жылы изертленген мәмлекетлерде билимлендириў системасына жумсалған қәрежетлердиң ЖИӨге салыстырғанда орташа үлеси 4,11 процентти, Өзбекстанда болса 4,9 процентти қураған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги