Депутат қутлықлайды

1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Ҳәр бир халықтың ана тилин қәстерлеп, көздиң қарашығындай сақлаўын әўладлар арасындағы даўамлылықты жалғастырыўшы қүдиретли күшке теңесек ҳасла алжаспаймыз.

1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни. 1989-жылы әйне усы сәнеде ана тилимиз – қарақалпақ тили өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе болған еди. Бүгин тарийхый ўақыяға 33 жыл толмақта. Ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған тилимизден дөреген маржан сөзлер арқалы қарым-қатнасты беккемлеп киятырған ана-тилимиз бизлер ушын әлбетте сүйениш, соның менен бирге үлкен мақтаныш.

Бүгинги күнде қайсы бир кәсип ийеси болмасын, ана-тилимиздиң жәмийеттеги абырайын, қәдир-қымбатын жоқары дәрежелерге жеткериў зәрүрлигин келешек әўладқа жеткерип барыўы, оның әдиўли миннети болып есапланады. Сондай-ақ, биз бүгинги жасларымызды өз ана-тилине болған сүйиспеншилик сезимин оятыўға және мәдениятлы ҳәм дурыс сөйлеўге ийтермелеўимиз лазым. Солай екен, тил-ҳәр бир халықтың руўхый байлығы, қәдириятлар негизи ҳәм тийкарғы қарым-қатнас қуралы есапланады. Сонлықтанда әзел-әзелден халқымызда «Тил миллеттиң айнасы», «Тил жасаса, миллет жасайды», «Тилге итибар-елге итибар» деген терең мәнили сөзлер бийкарға айтылмаған.

Қарақалпақ тилиниң раӯажланыӯ тарийхына нәзер салсақ, жүдә әййемге барып тақалатуғынлығын билемиз. Оның ушын биз ана тилимиздиң тазалығын сақлап, келешек әӯладқа сап тилинде жетип барыӯы ушын ҳәр биримиз жуӯапкермиз деп сезиниӯимиз лазым. Мине, сонда ғана ана тилимиз күннен күнге раӯажланып, түркий тиллер топарындағы өзиниң абырайын ҳәм ҳүрметин белгилеп бара береди. Сонда ғана бизге дүньяның басқа тиллеринде сөйлеӯши халықлар ҳәӯес етеди.

Солай екен, Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 33 жыл толыӯы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасыныӊ депутатлары атынан республикамыздың гүллән халқын байрам менен қызғын қутлықлайман ҳәмде әўладтан әўладларға өзгериссиз ҳәм таза ҳалыңда жетип бара бериўин қәлеймен, Ана тилим — қарақалпақ тили! Өйткени, миллий руўхты қәлиплестиретуғын, оны турақлы түрде беккемлеп баратуғын, оның сақланыўына мүмкиншилик беретуғын ең тийкарғы дәрек — ана тили есапланады.

 

Мухтар Ибрагимов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасыныӊ депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги