Елимизде кейинги жылларда билимлендириўдиң барлық басқышларында унамлы өзгерислер бақланбақта. Соның ишинде, халықтың сәйкес жас қатламларын жоқары билимлендириў менен қамтып алыў 2016-жылдағы 9 проценттен 2021-жылы 38 процентке артты.
В.И.Романовский атындағы Математика институты Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы, профессор К.К.Қудайбергенов Өзбекстан Миллий университетиниң «Алгебра ҳәм функционал анализ» кафедрасының баслығы, профессор Б.А.Омиров пенен бирге Қытай Халық Республикасы Харбин технологиялар институтының математика бойынша алдыңғы изертлеўлер институтында (Institute for Advanced Study in Mathematics of Harbin Institute of Technology) илимий сапарда болып тур.
Илимпазлар усы институттың профессорлары Шяо Шёнг ҳәм Джинхао Хуанглар менен биргеликте оператор алгебралары ҳәм ассоциатив емес алгебралар тараўларында илимий изертлеўлер алып бармақта.
Сондай-ақ, К.К.Қудайбергенов усы институттың магистрантларына «Мюррей-фон Нейман алгебраларының дифференцияласыўы» темасында арнаўлы курслардан лекциялар оқымақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги