Қызылша оғада жуқпалы кеселлик болып, наўқас адам жөтелгенинде, түшкиргенинде ҳаўа арқалы тарқалады.

Бул кеселлик сондай жуқпалы, егер арнаўлы иммунитети (қызылшаға қарсы) болмаса, кеселленген адамның әтирапындағы 10 адамнан 9 адамға усы кеселлик жуғыўы мүмкин. Арнаўлы иммунитети болмаған адам наўқас болған жерге киргенде, ҳәттеки, ол шығып кеткеннен кейинги еки саат даўамында кирген болса да кеселликти жуқтырыў қәўипи болады. Қызылша кеселлигин жуқтырған адам кеселликтиң белгиси пайда болмастан төрт күн алдын ҳәм бөртпе шыққаннан кейинги төрт күн даўамында жуқпалы болады.

Бүгинги күнде қызылша кеселлиги дүньяның көплеген мәмлекетлеринде тарқалғанлығы себепли, сизиң шаңарағыңыз шет елге саяхатқа шықпаса да, кеселленип қалыў имканияты бар. Себеби, бүгинги күнде сырт мәмлекетлер менен қатнас бир қанша күшейген. Республикамызға келген саяхатшылар бул кеселликтиң жасырын дәўиринде, яғный, клиникалық белгиси болмаған ўақытта республикамыз аймағына алып келиўи мүмкин. Бул қызылша кеселлигинен қорғанбаған адамларға қәўип туўдырады.

Қызылша кеселлигиниң кең тарқалған белгилери – дене ыссылығының жоқарылаўы, жөтел, мурын ағыўы, көзлердиң қызарыўы (коньюктивит), бөртпе шығыўы.

Кеселлик 5 жасқа шекемги балалар арасында аўыр асқыныўларға себепши болыўы, 1000 наўқастан 1 жағадайда мийдиң исиниўине (менингит, энцефалит), 20 наўқастан 1 жағдайда өкпе исиниўине (пневмония), 1000 наўқастан 1-3 жағдайға шекем өлимшиликке алып келиўи мүмкин.

Ҳәмиледарлық дәўиринде кеселленсе, мүддетинен алдын туўыў ямаса кем салмақлылыққа алып келеди. Ал, қызамық (краснуха) кеселлигин өткерсе, нәрестелердиң ҳәр қыйлы туўма нуқсанлар (пороклар) менен туўылыўына себепши болыўы мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялык тынышлык ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң 2022-жыл 17-октябрь күнги арнаўлы көрсетпе хаты тийкарында қызылша кеселлигине қарсы миллий шаншыў күнлери 15-ноябрь күнинен баслап, 6 айлықтан 5 жасқа шекемги балалар арасында өткерилмекте.

Балалардың өмирден ләззет алып жасаўы ушын бул шаншыўлар үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ескертемиз. Ата-аналар перзентлериниң денсаўлығына бийпәрўа болмай, перзентлерин өзиниң аймақлық поликлиникаларына алып барып, шаншыўды өз ўақтында алыўына шақырып қаламыз.

 

 

А.Досымбетов,

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-

эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет

саламатлығы басқармасының  иммунопрофилактика

бөлиминиң меңгериўшиси.  

Қарақалпақстан хабар агентлиги