Истиң келисим питими менен жуўмақланыўы пуқаралық исинде тәреплердиң материаллық ҳәм процессуаллық ҳуқықларынан толық пайдаланыўға ҳақылы екенлиги ҳаққындағы диспозитив принциплерде өз көринисин тапқан.
Келисим питими – өз-ара келисимге тийкарланған ҳәм даўды шешиў бойынша тәреплердиң жазба келисими есапланады.
Келисим питими даўа тәртибиндеги ҳәр бир ис бойынша, пуқаралық ҳәм экономикалық суд ислерин жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында, суд ҳүжжетин орынлаў процесинде тәреплер арасында дүзилиўи мүмкин ҳәм суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген есапланады.
Келисим питими жазба формада дүзиледи ҳәм оны дүзген адамлар ямаса олардың ўәкиллери тәрепинен тастыйықланады.
Келисим питиминде миннетлемелерди орынлаў шәртлери ҳәм мүддетлери көрсетилиўи керек. Жуўапкер тәрепинен миннетлемелерди кешиктирип ямаса бөлип-бөлип орынлаў ҳаққындағы талап етиў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў ҳаққындағы, қарыздан толық ямаса бир бөлиминен ўаз кешиў ямаса қарызды тән алыў ҳаққындағы, суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы шәртлер ҳәм нызамға қайшы болмаған басқа да шәртлер көрсетилиўи мүмкин. Егер келисим питиминде суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы шәрт болмаса, суд бул мәселени келисим питимин тастыйықлаў ўақтында улыўма тәртипте шешеди.
Пуқаралық суды исин жүргизиўде тәреплерди жарастырыў пуқаралық суд ислерин жүргизиўдиң барлық басқышларында әмелге асырылыўы мүмкин екенлигин есапқа алып, судья исти суд додалыўына таярлаў басқышында тәреплерге келисим питимин дүзиў арқалы келиспеўшиликти өз-ара толық ямаса белгили бир бөлимин шешиўи мүмкин екенлигин ҳәм келисим питими дүзиў абзаллықлары ҳәм ақыбетлерин түсиндиреди.
Келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе суд мәжилисинде тәреплер қатнасқан ҳалда көриледи, бирақ, келисим нотариус тәрепинен тастыйықланған жағдайларда бундай питим суд мәжилисинде көрилмейди.
Келисим питими тек суд тәрепинен тастыйықланғанынан соң юридикалық күшке ийе болады.
Өзбекстан Республикасы ППКниң 44-статьясына бола, тәреплер исти келисим питими менен жуўмақлаўы мүмкин. Онда, келисим питими, суд исиниң тамамланыўына қаратылған, баянламада көрсетилген келисим питими тәреплердиң қол қойыўы менен ҳәм питим суд тәрепинен тастыйықланған болыўы кереклиги сыяқлы талапларға жуўап бериўи керек болады.
Келисим питимин тастыйықлаў ҳаққында уйғарыў шығарылады ҳәм бул ис жүргизиўдиң жуўмақланғанлығын көрсетеди. Келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы уйғарыў үстинен шағым етилиўи мүмкин.
Судқа тийисли келисим питими бул тәреплердиң келиспеўшиликлерди өз-ара шешиў ушын шәртнамасы есапланады.
Судқа тийисли келисим питими пуқаралық хуқықый шәртнама сыпатында пуқаралық хуқықының барлық қағыйдаларына сай келиўи лазымлығы, егер қандай да бир нызамға туўра келмесе, питим ҳақыйқый емес деп табылатуғынлығы, шәртнаманың тийкарғы мақсети тәреплер арасындағы келиспеўшиликлерди сапластырыў болып, онда тәреплердиң ҳуқық хәм миннетлемелери анық белгилеп берилетуғынлығы сыяқлы талапларға жуўап бериўи керек.
Келисим питиминиң шәртлери анық ҳәм түсиникли етип белгилениўи зәрүр.
Келисим питими апелляция яки кассация инстанциясы суды тәрепинен тастыйықланған жағдайда, ис бойынша алдын қабыл етилген суд ҳүжжетлери бийкар етилиўи ҳаққында уйғарыў ямаса қарар шығарылады ҳәм ис жүргизиў жуўмақланады. Келисим питими суд ҳүжжетин орынлаў басқышында дүзилгенде, питим исти көрген биринши инстанция судына тастыйықлаў ушын усыныс етиледи ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў басқышында дүзилген келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы уйғарыўда келисим питиминиң шәртлери және келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы жуўмақ болыўы керек.
Нызам ҳүжжетлерине қайшы болса ҳәм үшинши шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине байлыныслы болған жағдайларда суд тәрепинен келисим питимин тастыйықлаўдан бас тартылады. Келисим питимин тастыйықлаўдан бас тартыў ҳаққында уйғарыў шығарылады, уйғарыў үстинен шағым етилиўи мүмкин.
М.Адилова,
Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги