Нөкис районындағы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 1-декабрь-қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Кешеде сөзге шыққанлар илаж қатнасыўшыларын тарийхый сәне менен қутлықлап, миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў, қарақалпақ тилиниң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Сондай-ақ, кеше даўамында жәмийетлик илажларда белсене қатнасып киятырған муғаллимлер ҳәм устазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Байрам кешесинде районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы