Қанлыкөл районы Мәденият орайында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниӊ 33 жыллығы мүнәсибети менен «Мәртебеӊ бәлент болсын, ана тилим!» атамасындағы байрам илажы болып өтти.

Илажда дәслеп мәмлекетлик гимнлер атқарылып, район ҳәкиминиӊ орынбасары Р.Қалимбетов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Буннан соң қарақалпақ тилиниӊ мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша соңғы жыллары әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында тараў қәнигелери баянатлар оқыды.

Сондай-ақ, илажда усы сәне мүнәсибети менен мектеп оқыўшылары арасында өткерилген таӊлаўлардың жеӊимпазлары хошаметленип, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар тапсырылды.






Илаж даўамында байрам қатнасыўшыларына районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы