Бүгин Кегейли районындағы 10-санлы мектепте қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги бирилгениниң 33 жыл толыўына байланыслы халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың аўылласлары менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Онда райондағы 10-, 11-, 13-, 18-, 26-санлы мектеплердиң талантлы жаслары қатнасты. Олар жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы өзлерин қызықтырған көп ғана сораўларына жуўап алды. Жазыўшы ең жақсы сораў берген оқыўшыларға кейинги пайытларда «Билим» баспасынан балалар ушын арналып шыққан китапшаларды қолтаңбасы менен сыйлық ретинде берди.
Мектеп китапханаларына халық шайыры К.Каримов тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылған А.Ариповтың «Ағар дәрья» китаплары саўға етилди.
Ушырасыў кешесинде жазыўшының дәслепки ҳәм соңғы жыллардағы шығармалары ҳаққында сөз етилди. Соның менен бирге, жазыўшы өзи менен заманлас жазыўшы-шайырлардан Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Узақбай Пиржанов, Шийрин Халмуратова, Кеңесбай Рахманов, Шыңғыс Айтматов ҳәм басқа да жазыўшы-шайырлардың дөретпелери ҳәм ҳәзирги әдебий процесс туўралы өз пикирлерин билдирип өтти.
Жазыўшының көркем өнер ийелери, телевидение, театр ҳәм кино ушын жазған шығармалары да дыққаттан шетте қалмады.
Оқыўшылар жазыўшы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Тамара Машарипова,
журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги