Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң отыз үш жыллығына бағышланады

Қарақалпақ халқы өзиниң көп әсирлик миллий-мәдений тарийхына, бай үрп-әдет дәстүрлерине, аўыз-еки дөретпелерине ийе халық. Өзиниң узақ өтмиши даўамында көплеген тарийхый жағдайларды бастан кеширди. Сонша қыйыншылық, жаўгершиликлерди көрген бул мәрт халық өзиниң миллий қәдириятларын, соның ишинде, ана тилин жоғалтпай бүгинги күнге шекем жетип келиўине еристи. Ана тилиниң инсанды қаншелли дәрежеде руўхландырыўшы күш екенлигин, тарийх сынақларын халық пенен бирге мәрдана жеңип өтиўин гөззал қосық қатарларына түсирген – қарақалпақ халқының уллы сөз шебери, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, институтымыздың питкериўшиси Ибрайым Юсупов өзиниң «Ана тилиме» қосығында күтә шеберлик пенен сүўретлейди:

Ана тилим сен басқадан айырмам,

Сен турғанда менде әдеўир шайырман.

Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,

Бул күнлерге жеткениңе қайылман.

Тилдиң миллет руўхын сәўлелендириўши қурал, ой-пикир дүнясын жүзеге шығарыўшы иләҳий күш екенлигин терең аңлаған республикамыздың зиялы қатламы ўәкиллериниң ҳәм қәнигелердиң ис-ҳәрекетлери арқасында буннан саррас отыз үш жыл алдын қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилди. Яғный, 1989-жыл 1-декабр күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил статусы берилди. Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының 1-бабына сәйкес: «Қарақалпақ тили – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң аймағында тилге байланыслы барлық мәселелерди шешиў ҳуқықына ийе»,-деп көрсетилген. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статясында, қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады, деп көрсетилген.

Бәршемиз ушын қуўанышлы жағдай – ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилин тек Өзбекстан аймақларында емес, ал сырт еллерде де үйрениў мәселесине айрықша итибар қаратылып, дүняның көплеген раўажланған мәмлекетлериндеги илим дәргайлары, жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тилин өз алдына тил сыпатында үйренип атырғанын мақтаныш пенен атап өтсек болады. Мәселен, Россия, Түркия, Қытай, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Полша сыяқлы еллердиң жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тилиниң тиллик өзгешеликлери, имканиятлары бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта.

Тилге итибарды күшейтиўимиз зәрүр…

Тән алыўымыз керек, бүгинги күнде тек ғана жасларымыз емес, ал жасы үлкенлеримиз тәрепинен де ана тилимизге болған итибарсызлық ҳәм бийпарўалық кең ҳәўиж алып атыр. Ең дәслеп соны да айтыў керек, бул тема бойынша баспасөзде жеткиликли дәрежеде үгит-нәсиятлар алып барылмақта. Бирақ, соған қарамастан жәмийетшиликтиң бул мәселеге итибарсызлығы тәшўишлендиреди. Бул мәселеге жәмийетшилик бас қоспаса, ҳеш қашан күтилген нәтийжеге ерисип болмайтуғынлығы сөзсиз. Себеби, тил өз әҳмийети менен улыўмалық болса да, оның нәтийжеси болған сөйлеў сап жеке ҳәдийсе есапланады. Жеке ҳәдийселерге қатнас бойынша болса бираз әндийше ҳәм шеклеўлер бар, әне сол жағынан жәмийетшиликтиң тилден өз билгенинше бийпарўалық пенен қараўына себеп болып атыр.

Бул мәселеге бийпарўа болмаған басқа пикирлеслерим сыяқлы мен де бүгин көшелердеги ҳәр түрли тиллерде жазылған афиша ҳәм рекламаларға ямаса олардағы өршип баратырған жазба қәтеликлерге тоқтап өтпекши емеспен, бул бойынша жүдә көп айтылмақта. Бирақ, бул сапластырыўды талап ететуғын күтә әҳмийетли машқала. Мен бүгин мәселениң мәнисине, тилдиң тәбияты менен байланыслы айырым тәреплерине, және сол мәселе менен байланыслы мәденият бойынша айырым надурыс көзқарасларға итибар қаратпақшыман.

Тилге итибар – жоқары мәдениятлылық белгиси

Тил өзиниң тәбияты жағынан аңсатлыққа умтылады ҳәм бизге қандай сөйлеў қолай болса, сондай сөйлеймиз. Инсан ушын әдебий тилде сөйлеўден көре өз диалектинде сөйлеўдиң қолайлығы соннан. Бирақ, бул еркинлик тилге ҳүрметсизлик етиўге мүмкиншилик бермеўи керек. Миллий тилдиң бар екенлиги ҳәм оған ҳүрмет көрсетиў, улыўма, бул ҳәдийсениң не екенлигин түсиниў инсанға жоқары руўхый қанаатланыў сезимин береди, буны өзин мәдениятлыман деп есаплайтуғын адам ғана жақсы түсинип жетеди. Демек, мәденият ҳәм миллий тил бир-биринен узақ түсиниклер емес екен. Инсанның өз тилине ҳүрмети ҳәм сол тилди қай дәрежеде билиўи оның мәдениятлылығынан дәрек береди. Мәдениятты шын мәнисте түсинген ҳәр қандай инсан өз тилиниң тазалығы, оның жәҳән тиллери арасындағы абырайы, мәртебеси ҳәм тән алыныўы ушын өзин жуўапкер есаплайды. Бундай инсанлар қайсы тилде сөйлесе, сол тилдиң тазалығын сақлайды. Олардың мәденияты, тилге ҳүрмети оннан қай тәризде пайдаланыўында көринетуғын болады.

Бүгинги күнде бәршемиз күнделикли турмысымызда көрип, гүўасы болып жүрген, қалаберди, тилимизде күн-сайын ҳәўиж алып атырған бир машқала бар. Бул халқымыз арасында түрли тиллерди араластырып сөйлеў, әсиресе, қарақалпақша сөйлеп орысша ямаса орысша сөйлеп қарақалпақша сөзлерди араластырыўы менен байланыслы. Айырым адамлар буны киши машқала деп ойлаўы мүмкин. Бирақ, буның артында миллий өзиншелик, ана тилге деген мүнәсибетимиз көринеди.

Ең дәслеп, бул ҳәдийсе ҳәр еки тилди де бузыў және оның жүзине аяқ қойыўдан басқа зат емес. Негизинде бундай «жамаў менен шуғылланатуғын жетиклик»ке Пушкин ҳәм Лермонтовты шыңға көтерген орыс тили, Бердақ ҳәм Әжиниязларды ҳүрмет етиў ҳәм тән алыўдың жоқары дәрежесине мүнәсип көрген қарақалпақ тили мүтәж емес. Бул еки тил бирдей айырым талғамсыз, «мәдениятлы» адамлар қолланып жүргениндей, биреўиниң «күши жетпей» қалғанда, екиншисиниң «жәрдеми»не мүтәжлик сезбейди. Еки тил де ҳәр қандай пикирди баянлаў ушын жеткиликли сөз байлығына, сол пикирди шырайлы ҳәм тәсирли аңлатыў ушын өз гөззаллығына ийе.

Ең жаманы, өз пикирлерин өзлери ойлағандай «ширели» етип жеткерип атырған сол инсанлар бул исин заманагөйлик, мәденият деп түсиниўинде. Бул надурыс түсиник негизинде әҳмийети жағынан олардың пикирлерине улыўма қарама-қарсы болып, ол мәдениятлылық белгисине жатпайды…

Бир неше шет тиллерди билиў заманагөй дүняда қаншелли әҳмийетли екенлигин ҳәммемиз жақсы билемиз. Бүгинги күнде жаслардың шет тиллеринде еркин сөйлесиўлерин көрип оларға ҳәўес етемиз. Бирақ, бир неше тиллерди билиў инсанға пикирди аңлатыўда сол тиллерден араластырып пайдаланыў ҳуқықын бермейди. Өзин, миллетин, тилин ҳәм соның менен бир қатарда, басқа тиллерди ҳүрмет еткен адам бул сыяқлы қабыл етиўге болмайтуғын исти өзине еп көрмейди.

Еки тилди араластырып сөйлесиўдиң социаллық ақыбетлери тилдиң тәбиятына тән төмендеги ҳәдийселер менен байланыслы.

Бириншиден, тил сана ҳәм ойлаў менен беккем байланыслы. Бул еки түсиник бир-бирин талап етеди ҳәм бири екиншисисиз пайда бола алмайды. Ойлаў процеси санамызда тил элементлери көринисинде өтеди. Сөз ҳәм басқа тил элементлери түсиник ретинде санамызда ойлаў қуралы сыпатында көринеди. Бул процесс тил элементлерисиз әмелге аспайды. Бирақ, сол ойлаў процеси қайсы тилде әмелге асырылады?

Қәнигелер ойлаў процеси инсанның ана тилинде әмелге асырылады, деп есаплайды. Бирақ, бизиңше, бул пикир бираз гүманлы. Себеби, ана тили инсанға нәсиллик жол менен өтпейди. Тил социаллық ҳәдийсе ретинде инсан өмири даўамында өзлестирилетуғын процесс. Солай екен, инсанның қайсы тилде тили шықса, ол жаслығынан қайсы тилди өзлестирсе, оның ушын қайсы тилде ушырасыў аңсат болса, сол тилде пикирлейди, десек дурысырақ болады.

Екиншиден, тилден қаншелли көп пайдаланылса, оның мүмкиншиликлери және де артып, жетилисип, раўажланып бара береди.

Ескириў түсиниги тилге салыстырғанда қарама-қарсы ислейди. Яғный, оннан қаншелли көп пайдаланылса, ол байып, жаңаланып барады, керисинше, оннан пайдаланылмаса, ол ескирип, жоғалып бара береди. Бүгинги күнде жер жүзинде 6000 ға жақын түрли дәрежедеги тиллер болып, соннан 1400 тил жоғалып кетиў алдында. Бул тиллердиң жоғалып кетиўине сол тил ийелериниң өзге тиллерди өз тилинен үстин қойыўы, өз ана тилин менсинбеўи, оның тазалығы ҳәм раўажланыўы ушын гүреспегенлиги себеп болмақта.

Үшиншиден, тил турақлы түрде өзгерип туратуғын социаллық қубылыс. Бул өзгерислер унамлы ямаса унамсыз болыўы мүмкин. Тилдеги сәўлелендириў мүмкиншиликлериниң артыўы, лексикалық имканиятының кеңейиўи ҳәм әдебий тил мүмкиншиликлериниң беккемлениўи унамлы жағдай ретинде сол тил ийелериниң ҳәрекетлерине байланыслы. Тил тазалығының бузылыўы, вулгаризм ҳәм варваризмлердиң активлесиўи, көркем әдебиятқа байланыслы тил позициясының төменлеўи сыяқлылар унамсыз тәреплер болып, бул да сол тил ийелериниң жуўапкершиликсизлиги нәтийжесинде жүз береди. Буған күшли тиллердиң күшсиз тиллерди басып алыўы менен байланыслы тәбийғый процессти де қоссақ болады. Жоғалып кетиўге жүз бурған тил ийелери мине сол процесслерди дурыс  аңламағанлығы ҳәм оған қарсы шаралар көрмегенлиги олардағы миллий тиллердиң жоқ болып кетиўине себеп болып атыр.

Демек, тилдиң әмелде бар болыўы ҳәм раўажланыўы ушын ол турақлы түрде белсене қолланылыўы, басқа тиллердиң оған унамсыз тәсирлерин сапластырыў керек болады. Тилдеги ҳәр қандай процесс, ол унамсыз яки унамлы болсын, әсте-ақырынлық пенен өзиниң социаллық ақыбетлерин көрсетеди. Соның менен бирге, түрли тиллерди араластырып сөйлеў менен байланыслы бир қарағанда онша салдамлы көринбеген машқала әсте-ақырын ана тилимиз позициясының төменлеўи, географиясының тарайыўы, сөйлесиўшилер санының азайыўы, халқымыздың тилимиз нәзиклиги ҳәм гөззаллығын сезинбеўи менен байланыслы жаңа социаллық ақыбетлерди келтирип шығарады.

Солай екен, жәмийетлик турмысымызда мәмлекетлик тил менен байланыслы жоқарыда айтып өтилген машқалаларды шешиў ушын ең дәслеп барлық пуқараларымыздан, кең жәмийетшиликтен тилек ҳәм өтинишимиз, ана тилимизге болған ҳүрмет ҳәм итибарды жаңаша көзқараслар тийкарында шөлкемлестириўди талап етеди.

Жуўмақ орнында…

Уллы данышпан шайыр Әлийшер Наўайының “Тилге итибарсызлық – елге итибарсызлық” деген ҳикметли сөзи бар. Солай екен, Мәмлекетлик тил сыпатында қарақалпақ ҳәм өзбек тилиниң гүллеп-жаснаўы ҳәм кең түрде раўажланыўы ең дәслеп, ҳәр бир шаңарақта ата-аналарымызға, сондай-ақ, бүгинги күнде тәлим-тәрбия орынларының барлық буўынларында хызмет етип атырған оқытыўшылар, устаз-муғаллимлердиң пидайылығына байланыслы.

Ең тийкарғысы, бүгин Қарақалпақстанда хызмет етип атырған ҳәр қандай зиялы инсан – Мәмлекетлик тиллер сыпатында ҳәм қарақалпақ тилиниң, ҳәм өзбек тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларын пуқта өзлестирген ҳәм саўатлы жазыў көнликпесине ийе болған болыўы лазым. Бул жағдай оның тек еки тилге болған ҳүрметин ғана емес, ал, усы елдиң ҳақыйқый ўатансүйиўши пуқарасы сыпатында елге болған ҳүрметин де көрсетеди.

Сөзимиздиң жуўмағында пүткил республикамыз халқын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының кең жәмийетшилиги атынан жақынласып киятырған қутлы сәне – қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз! Қәлбимизде ана тилимизге болған меҳир ҳасла сөнбесин!


Қуўандық Қадиров,

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги