Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды тәрепинен Елликқала районлық ишки ислер бөлиминиң усыныслары тийкарында районлық пробация бөлими имаратында көшпели суд мәжилиси болып өтти.
Онда пробация есабында турған, алдын мийнетке дүзетиў ҳәм азатлықты шеклеў жазаларын өтеп жүрген жәми он бир адам өтелмеген жаза мүддетлеринен алдын азат етилди.
Суд тәрепинен бул пуқаралардың жаза өтеў тәртибине бойсыныўы, тәрбиясы ҳәм тәртип интизамы менен жақсы минезлемеге ийе екенлиги ҳәм суд тәрепинен тайынланған жаза мүддетлериниң нызамда белгиленген мүддетлерин өтегенлиги инабатқа алынды.
– Буннан тысқары, бул пуқараларға жазадан мүддетинен бурын шәртли азат етилип жазаның өтелмеген мүддети даўамында қастан жаңа жынаят ислесе жынаят кодексиниң 60-статьясы тәртибинде, яғный, өтелмеген жаза мүддети жаңадан ислеген жынаяты ушын тайынланған жаза мүддетине бир бөлеги ямаса толық қосылыўы түсиндирилди,-дейди Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судының баслығы О.Маўленов.
Бул пуқараларға келешекте дурыс жолда жүрип, мәмлекетимизде жаратылып атырған кең имканиятлардан пайдаланған ҳалда өзлери қәлеген кәсипти таңлап, жәмийетимизге пайдалы инсанлар болыўы керек екенлиги айтып өтилди.
Сондай-ақ, усы пуқаралардың әдил судлаўға байланыслы сораўлары ҳәм мүрәжатларына жуўап берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги