2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясының мақсетли көрсеткишлерине бола, судьялар арасында ҳаял-қызлардың үлесин арттырыў 2025-жылы 20 процентке, 2030-жылы 30 процентке жеткериў нәзерде тутылған.

Судьялар жоқары кеңеси ҳәм «Регионаллық қарым-қатнас» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеминиң Өзбекстандағы филиалы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Суд ҳәкимияты еркинлиги ҳәм системада гендер теңлик мәселелери» темасындағы халықаралық конференцияда жоқарыдағы санлар атап өтилди.

Судьялар арасында ҳаял-қызлардың үлесиниң артыўы жәмийетлик қатнасықларға ҳаял-қызлар көз қарасынан қараўға ҳәм баҳа бериўге буннан былай да кеңирек имканият жаратады. Өйткени, ҳаял судья өзи көрип шығып атырған даўлы истеги социаллық жағдайларға ана ямаса апа-сиңли сыпатында өз мүнәсибетин билдиреди. Бул болса жәмийетте социаллық әдилликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Бул илаж гендер теңликти тәмийинлеў тараўында Өзбекстанның тийкарғы халықаралық шәртнамалары шеңберинде әмелге асырылған жумысларды таллаў, ҳаял-қызлар менен ер адамлардың тең ҳуқықлығын баҳалайтуғын халықаралық рейтинг ҳәм индекслер шеңберинде баҳаланатуғын жағдайлар ҳәм баҳалаў нормаларының талланыўын көрип шығыў имканиятын берди.

Конференция нәтийжесинде суд системасында жыныс бойынша кемситиў көринислерин анықлаў ҳәм оларды сапластырыўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў, судларда гендер теңликти тәмийинлеўде жүзеге келген машқалаларды анықлаў және оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, сырт ел және миллий тәжирийбени салыстырыў тийкарында суд системасына ҳаял судья ҳәм суд хызметкерлерин кеңнен тартыў бойынша тийисли усыныслар ҳәм нормативлик-ҳуқықый жойбарлар көрип шығылады.

 

Норгул Абдураимова,

ӨзАның хабаршысы