«Globogate Concept AG» шөлкеми директоры Йоханнес Мейер, «Globogate Recruiting» компаниясының Өзбекстандағы жойбарлар бойынша үлкен директоры Гулнара Салимова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың қабыллаўында болды.


Қабыллаўда  «Globogate Concept AG» шөлкеми ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасының бир қатар қәнигелерин Германияда тәжирийбе топлаўы ушын мүддетли жумыс пенен тәмийинлеў, медицина, соның ишинде, мийирбийкелердиң тәжирийбесин арттырыў, оларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, қәнигелигин арттырыў мәселелери сөз етилди.


Илажда Р.Сапарбаев бул шөлкем менен бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы айрықша әҳмийетке ийе екенин, бул бағдардағы жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги