Өзбекстан ҳәм Франция мәмлекетлериниң басшылары тәрепинен Францияның Лувр музейинде ашылған «Өзбекстан үлкелериниң ғәзийнелери. Кәрўан жолларының кесилиспесинде» ҳәм Араб дүньясы институтында шөлкемлестирилген «Самарқандқа жол. Жипек ҳәм алтын ғәзийнелери» атамасындағы көргизбелер шығыс баспасөзиниң бетлеринде кеңнен жарытылмақта.
Өзбекстан тарийхы менен мәдениятына бағышланған, бийбаҳа буйымлар жәмленген биринши көргизбе көплеген ықласбентлерди тартып атырғаны бийкарға емес. Луврдағы презентация эрамыздан алдынғы V-VI әсирден Темурийлерге шекемги дәўирди қамтып алған. Араб дүньясының презентациясында болса XIX-XX әсир орталарына байланыслы экспонатлар, сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик музейи топламындағы Түркстан авангардына тийисли живописьлик шығармалары жәмленген.
БАӘ «WAM» мәлимлеме агентлиги, Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәлимлеме агентликлери аўқамы- una-oic.org, Египет ҳәм Жақын Шығыстағы кең көлемли электрон газета «Ал-Асима» (elasimah.com), «Аш-Шарқ Ал-Авсат» халықаралық араб газетасы (aawsat.com) БАӘ Кувейт Саудия Арабстаны Египет ҳәм Иордания офислери «NABD» (nabd.com) араб жаңалықлары агрегаты компаниясының сайтларында усы еки ири көргизбе ҳаққындағы материалларға айрықша итибар қаратылған. Орайлық Азия цивилизациясы ҳәм мәденияты, регион тарийхый дүрданаларының Европадағы презенетациясына үлкен итибар қаратылған.
Муҳаррама Пирматова,
ӨзА