Франция Президенти Эммануэль Макрон бес күнлик сапар менен Вашигтонға жетип барды. Бул ҳаққында «Agence France-Presse» хабар берди.

Бүгин Франция мәмлекети басшысы АҚШ вице-президенти Камала Харрис пенен биргеликте Аэроновтика ҳәм космослық изертлеўлер миллий басқармасы (NASA) резиденциясына барады.

Макрон ҳәм Президент Жо Байденниң ушырасыўы 1-декабрьге режелестирилген. Сөйлесиўлер ўақтында Макрон еки мәмлекет арасындағы саўда келиспеўшилигин додаламақшы.

Франция жетекшисиниң бул сапары Австралияға суў асты кемелерин жеткерип бериў бойынша келисим дүзилгенинен 15 ай өтип әмелге асырылмақта. Келисим Париж мәплерине зыян жеткерген ҳалда 2021-жылдың сентябрь айында Вашингтон, Камберра ҳәм Лондон тәрепинен рәсмийлестирилген.

АҚШ рәсмийлери Франция аўқамласы менен байланысларды беккемлеўге таяр екенин көрсетиў ушын Макронды мәмлекетлик сапарға мирәт еткен.

Сапар арнаўлы протокол шәртлери менен өткерилетуғыны атап өтиледи.

ӨзА