Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Түркий тиллер факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының басламасы менен қазақ әдебиятының көрнекли ўәкили, түркийтаныўшы алым, әдебият изертлеўшиси, шайыр, публицист, педагог, дилмаш Ахмет Байтурсын улының 150 жыллық юбилейине бағышланған «Қарап жақын-жырақты, Жақтым түрли шырақты…» атамасындағы әдебий-музыкалы кеше болып өтти.
Әдебий кешеге Қазақстан Республикасы Астана қаласындағы Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия Миллий университети профессоры Гүлғайша Сағидолла, филология илимлериниң докторы, доцент А.Пирниязова, Түркий тиллер факультети деканы Б.Давлетов, басқа да профессор-оқытыўшылар, студентлер қатнасты.
Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Кешеде қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Б.Бекниязов «Ахмет Байтурсын улы – белгили түркийтаныўшы алым» атамасындағы баянатын оқып берди.
Белгили әдебияттаныўшы алым, жәмийетлик ғайраткер Ахмет Байтурсын улы қазақ халқының ағартыўшы тулғаларының бири болып, 1917-жылы Оренбург қаласында «Қазақ» газетасын шөлкемлестирген ҳәм оның бас редакторы болып ислеген. 1918-1929-жыллар аралығында өз дәўириниң қыян кести ўақыялары арасында халықты ғалаба саўатландырыў, келешек әўладларды билимли, илимли етип тәрбиялаўды баслы мақсети еткен ол билимлендириў ҳәм ағартыўшылық тараўларында өз белсендилигин көрсетти.
Жеке адамға сыйыныў дәўиринде өмир сүрген, өз дәўириниң зиялы адамы болған Ахмет Байтурсын улы 1929-жылы қамаққа алынып, кейин ала 1934-жылы босатылған болса да, 1937-жылы және қамаққа алынып, 8-декабрьде «халық душпаны» деген тамға менен атыў жазасына ҳүким етилген.
Ол тилши алым сыпатында қазақ тилиниң өзгешеликлери, араб әлипбесиниң енгизилиўи, терминлер, қазақ тилин оқытыў усыллары ҳаққында мақалалар жазды. 1926-жылы Баку қаласында болып өткен түркийтаныўшылардың Пүткил аўқамлық I съездине қатнасып, «Түркий тиллериндеги терминология ҳаққында» атамасындағы баянатын жасады. Ахмет Байтурсын улы қазақ балаларының ана тилинде билим алыўы ушын ҳәрекет етти. Усы мақсетте «Оқыў қуралы», «Тил қуралы», ересеклердиң саўатын ашыўға арналған «Әлипбе», «Жаңа әлипбе» атамаларындағы китапларын баспадан шығарды. Қазақ грамматикасына байланыслы категориялардың ҳәр қайсысына қазақша илимий термин ислеп шығып, морфологиялық өзгешеликлерди жаңаша таллаў, жаңаша анықламалар берди.
Оның қәлемине тийисли болған «Қырық мысал» аўдармасы, «Маса» қосықлар топламы ҳәм «Ер Сайын» эпослық дәстанлар топламы, «Әдебият танытқыш» монографиясы түркий халықлар әдебиятында да үлкен әҳмийетке ийе дөретпелер болып есапланады.
Илажда сөзге шыққанлар қазақ, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындағы әдебий байланыслар, бүгинги күнде түркий тиллес халықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы өз ара бирге ислесиўдиң раўажланып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Кешеде Ахмет Байтурсын улының 150 жыллық юбилейине арналған шығармалар таңлаўында жеңимпаз болған студентлерге диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Әдебий кеше қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының талантлы студентлери, сондай-ақ, «Тумарис» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы сахналық көринислер, аяқ-ойынлардан ибарат әдебий бөлим менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.