Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен жаслар ушын Нөкистеги «Жумысқа мәрҳаматӘ» моно орайына саяхат шөлкемлестирилди.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы бул моноорай Президентимиздиң 2020-жыл 11-августтағы «Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыўға, олардың мийнет етиўин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген.

Усы жылдың 10 айы даўамында орайдағы 17 кәсип, 3 шет тиллери ҳәм 6 мәлимлеме технологиялары бойынша оқыў курсларына жәми 2 мың 573 пуқара қамтып алынған. Соннан 1 мың 821 пуқара Халық бәнтлигине көмеклесиў орайларының жолламасы ҳәм 752 пуқара шәртнама тийкарында оқыўға қабылланды. Оқыўды тамамлаған 1 мың 541 пуқараның 78 проценти ҳаял-қызлар болса, 57 проценти жаслардан ибарат.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигине жәрдемлесиў ҳәм социаллық белсендилигин және де арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 139 майыплығы болған пуқаралар қамтып алынып, соннан 78 пуқара оқыўды тамамлап, арнаўлы сертификатларға ийе болған болса, 52 пуқара оқыўды даўам еттирмекте.

Студент-жаслар орай жумыслары менен жақыннан танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги