Нөкистеги Шымбай шайхана мәкан пуқаралар жыйыны имаратында болып өткен көшпели суд мәжилисинде Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Пробация есабында турған, өзин ҳәр тәреплеме унамлы тәреплерден көрсеткен бир қатар шахслардың жазалары жеңилиреги менен алмастырылды.
Суд мәжилисинде дүзелиў жолына өткен, орнатылған қағыйдаларға әмел еткен, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болған шахсларды мүддетинен алдын азат етиў ушын Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Пробация топары тәрепинен киргизилген усынысқа бола, пробация есабында турған 5 пуқараның иси судта көрилип шығып, олар мүддетинен алдын шәртли рәўиште жазадан азат етилди.
Мақсет – халықтың социаллық-экономикалық шараятларын үйрениў ҳәм ҳуқықбузарлықларға имканият жаратып атырған шараятларды анықлаў, билип-билмей, адасып жынаят жолына кирип қалған, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаны өтеп атырған бир қатар шахсларды дурыс жолға баслаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, социаллық ҳәм ҳуқықый жәрдем бериў системасын нәтийжели шөлкемлестириў болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги