12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы атамада Қарақалпақстан Композиторлары аўқамының баслығы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Нәжиматдин Муҳаммеддиновтың 85 жыллық юбилей кешеси болып өтти. Оған композитордың шаңарақ ағзалары, кәсиплеслери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, шәкиртлери, көркем өнер тараўы ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлар қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, профессионал музыка мәдениятын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан композитор Н.Муҳаммеддиновты 85 жыллық юбилейи менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдыев шығып сөйлеп, көп қырлы талант ийесиниң өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, Н.Муҳаммеддинов Қарақалпақстан Республикасы Гимниниң, сондай-ақ, қарақалпақ халқының туңғыш операсының, балетиниң ҳәм симфониясының авторы. Жәҳән музыкасында Ж.Верди «Отелло» операсын 80 жасында жазған болса, Н.Муҳаммеддинов 82 жасында «Гүлайым» этно-операсын жазыўға мияссар болады. Ол бир қанша жуўапкершиликли мәмлекетлик ўазыйпаларды атқарыўына қарамастан, музыка дүньясын өзиниң өмириниң мазмунына айландырды. Талантлы, профессионал композитор жаңа намалар дөретип, қарақалпақ музыка дүньясында өзине тән мектеп жаратты. Оның дөретиўшилигиндеги ири шығармалардан И.Юсуповтың либреттосына жазылған «Әжинияз» операсы, «Айжамал» туңғыш балети, Н.Дәўқараевтың «Алпамыс» пьессасы, К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» комедиясы, Қарақалпақстан кантатасы, «Посқан ел» симфониялық поэмасы тамашагөйлердиң кеўлинен терең орын алды.
Н.Дәўқараевтың «Көл жағасында», «Нөкис вальси», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Яр-яр», «Бақтым Әмиў жағасы», «Ата мәканым» сыяқлы қосықлары миллий музыкамызға ғәзийне болып қосылды. Оларды ең талантлы қосықшылар Б.Матжанов, Б.Надыров, М.Хожаниязов, Г.Айымбетова, Р.Қутекеева ҳәм басқалар атқарып шығып, халқымыздың кеўлине йош бағышлады. Халық намаларын халық сазлары оркестри, симфониялық оркестр ушын алдыңғыдан да байытып, раўажландырып қайта иследи.
Усындай тынымсыз мийнетлери, дөретиўшилик шеберлиги нәзерден шетте қалмай, Н.Муҳаммеддинов Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери ҳүрметли атақлары берилип, «Ҳамза», Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты болды. Сондай-ақ, ол «Меҳнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати» орденлери менен сыйлықланды.
– Мен дөретиўши болып, усындай инсан менен заманлас болғанымнан қуўанышлыман. Оның арияларын, намаларын, балетлерин жасларға үйретип, кейинги әўладларға жеткерип атырғанымнан қуўанышлыман, -дейди Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының профессоры, Өзбекстан композиторлар аўқамының ағзасы, дирижёр Ҳ.Раджапов. –Филиалымызда устаз-шәкирт дәстүрин даўам еттирген ҳалда композитордың шығармаларын жасларымызға үйретиў бағдарындағы дөретиўшилик жумыслар даўам еттирилмекте. Биз дөретиўшилер Н.Муҳаммеддиновтан алдағы ўақытлары да жаңалықларды, жақсы намаларды күтип қаламыз.
Илаж даўамында Н.Муҳаммеддиновтың шығармаларынан ибарат Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының халық сазлары ҳәм симфониялық оркестри тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги