Нөкис қаласы ҳәкимлигинде «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды.
Илажға Нөкис қаласындағы 4 сектордың басшылары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, пуқаралар қатнасты.
Онда шығып сөйлегенлер Ҳүрметли Президентимиздиң мәҳәлле кесиминде ислеў системасын раўажландырыў, инсан қәдирин улығлаў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң халықты исбилерменликке тартыў фонды қаржылары есабынан субсидиялар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылған илаж және де даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
– Илаж даўамында мәҳәллемиздеги 14 пуқараға әсбап-үскенелер берилди, -дейди «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Ринат Төлепов. -Сондай-ақ, ыссыхана ашыў, жер кранларын ашып бериў бойынша субсидиялар ажыратылды. Аймағымызда соңғы ўақытлары жүдә көп өзгерислер болды. Атап айтқанда, ҳүкиметимиздиң итибары себепли тез күнлер ишинде аймағымызға интернет тармағы тартылып, көплеген көшелеримиз асфальтланып берилди.
– Субсидия тийкарында әсбап-үскенелерди алыў ушын пуқаралар тәрепинен ҳәким жәрдемшилерине арза менен мүрәжат етилди. Буннан кейин ҳәким жәрдемшиси пуқараның жағдайларын үйренип шығып, ҳәкимликке усыныс киргизди. Усыныслар тийисли тәртипте Ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын муўапықластырыў орайы, Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен үйренип шығылып, буйрық шығарылды, -дейди Нөкис ҳәкимлигиниң бас қәнигеси Баўыржан Розымбаев. – Ҳәр бир мәҳәлледе ҳәким жәрдемшилериниң талапшаңлығы нәтийжесинде пайтахтымыздағы 150 хожалыққа субсидия тийкарында тигиў машинасы, газ плита, сварка аппаратлары берилди. Ертеңги күни усы шаңарақлардың дәраматларының артыўына, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине әсбап-үскенелер хызмет етеди, деп исенемиз.
– Ҳәзир «Ҳаял-қызлар дәптери»нде тураман, -дейди «Қутлы мәкан» МПЖ турғыны Салтанат Аўезова. – Үй шараятында ески тигиў машинам менен кийимлер тигип, қоңсыларыма хызмет етип атыр едим. Енди таза тигиў машинасы менен буйыртпаларымды және де сапалы, сулыў ҳәм тез питкерип бериўим мүмкин. Буның ушын Нөкис қаласы ҳәкимлигине, мәҳәллемиздеги ҳәким жәрдемшисине миннетдаршылығымды билдиремен.
Илаж соңында Нөкистеги 36 мәкан пуқаралар жыйынынан 150 пуқараға тигиў машиналары, писириў печьлери, сварка аппаратлары тапсырылды.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы