Пахта, масақлы дән ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлериниң өними, олардың туқымлары, сондай-ақ, олардан қайта исленген өнимлердиң сапасы, ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланылыўы, сапалы сақланыўы және набыт болыўының алдын алыў бойынша қадағалаўды әмелге асырыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясына жүкленген.

– Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта май өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларда пахтаның техникалық шигитин толық технологиялық циклде, яғный, шигитти жегизиў, гидротермикалық қайта ислеў, пресслеў, экстракциялаў, рафинациялаў, дезодорациялаў ҳәм қадақлаў цехларында мақсетли қайта исленгенлиги, олардың өним сапасын тастыйықлаўшы гигиеналық жуўмақ ҳәм муўапықлық сертификатларына ийе екенлиги үстинен қадағалаў жумыслары әмелге асырылып, тәсир шаралары көрилмекте,-дейди инспекцияның бөлим бас инспекторы А.Теңелбаев.

Атап айтқанда, инспекцияның Хожели, Елликқала ҳәм Шымбай районлық бөлимлери тәрепинен «Туран Хожели» ЖШЖ, ҚҚБ Экспорт ЖШЖ ҳәм «Шымбай май инвест» СК май кәрханаларында мониторинг жумыслары өткерилди.

Быйыл пахта өнимин қайта ислеўден алынған техникалық шигиттен май өнимин ислеп шығарыўда май өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың пахтаның техникалық шигитин толық технологиялық циклдеги пахтадан алынған шигит, пахта майы, соның ишинде, экстракция пахта майы ҳәм шрот, шелуха сыяқлы шигиттиң қайта исленген шығындылары өндирис көлеминиң 100 проценти биржа арқалы сатылыўы белгиленген.

Усы кәрханаларда, 2022-жыл 1-январьдан баслап пахта тоқымашылық кластерлери ҳәм кооперациялар тәрепинен пахтадан алынған шигитти таяр өнимди қайтарыў шәрти менен май өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларға бериў тек ғана пахта тоқымашылық кластерлери шеңбериндеги шөлкемлер арасында әмелге асырылыўы бойынша түсиниклер берилди.

Жоқарыда көрсетилгенлерден келип шығып, «Туран Хожели» ЖШЖ, ҚҚБ Экспорт ЖШЖ ҳәм «Шымбай май инвест» СК май кәрханаларына Өзагроинспекциясының районлық бөлимлери тәрепинен ескертиўлер берилди.

Басқарма тәрепинен қадағалаў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги