Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Сидиқов өзи сайланған аймақ Нөкис қаласындағы «Анасай», «Саманбай», «Жийдели байсын» ҳәм «Әмиўдәрья» МПЖ дағы аймақ турғынлары менен ушырасты.
Ушырасыўда депутат елимизде кейинги жыллары барлық тараўларда әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиниклер берди.
Аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлап, оларды қыйнап атырған машқалалар туўралы мағлыўматлар алды.
Тийкарынан пуқаралар тәрепинен социаллық тараў бойынша машқалалардың бар екенлиги анықланып, айырымлары сол жердиң өзинде унамлы шешилген болса, айрымлары депутатлық қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ, республикамыз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясында қатнасып, мектеп әтирапларына түрли саяманлы терек нәллери отырғызылды. Соның менен бирге, халық ўәкили бул жердеги аймақ турғынларына 1000 түп ҳәр қыйлы саяманлы терек нәллерин де тарқатты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги