Қарақалпақ тили халқымыздың өзлигин аңлатыўшы, басқа еллерден айырмашылығын билдириўши миллий өзгешелигимиз ҳәм мақтанышымыз болып табылады.

Қарақалпақ халқы усы тилде сөйлеп, өз қосықларын, дәстанларын, кең көлемли прозалық шығармаларын дөреткен ҳәм ана тилимиз арқалы жас әўладларымызды тәрбиялап келмекте. 1989-жылдың 1-декабрь сәнесинде Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди ҳәм бул сәне ҳәр жыл сайын кең жәмийетшилигимиз тәрепинен салтанатлы жағдайда белгиленип келинбекте.

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти де усы сәнеге бағышлап, «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасында әдебий, саз-сәўбетли кеше өткерди.

Кешеде мектеп директоры Оралбай Шерназаров, директор орынбасары Дилбар Қосназарова, халқымызға белгили шайыр, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Оразбай Сәтбаев, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жетекши шолыўшысы Әдилбай Оразовлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм ана тилимиздиң жәмийетлик турмыста тутқан орны, атқаратуғын хызмети туўралы кең түрде айтып өтти. Сондай-ақ, кешеде шайыр Оразбай Сәтбаев ана тилимизди улығлаўшы, туўылған жеримизди тәрийплеўши, жасларды жақсылықлыққа, билим ийелеўге шақырыўшы жаңа дөретпелеринен оқып берип, жыйналғанларда умытылмас тәсирлер қалдырды.

Илажда мектеп оқыўшылары кеше мийманларына өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша мүрәжат етип, оған тийисли жуўап алды.


Әдебий кешеде мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен елимизге белгили шайырлардың қосықлары атқарылып, бул илажға өзгеше заўық бағышлады.


Қ.Қазақбаева,

Нөкис районлық ХББға қараслы 18-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги