Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик Думасының Баслығы Вячеслав Володин басшылығындағы Россия парламенти делегациясын қабыллады.

Ушырасыў басында Вячеслав Володин мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан ҳәм Россия арасында кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да тереңлестириў, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Соңғы жыллары парламентлераралық сөйлесиўлер жеделлескени, Өзбекстан ҳәм Россия аймақларында жаңа форматтағы – еки мәмлекет парламентлериниң палата ҳәм комитетлериниң басшылары дәрежесинде ушырасыўлар өткериў әмелияты енгизилгени айрықша атап өтилди.

Жаңадан шөлкемлестирилген Бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияның жумысы еки тәреплеме байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм нызамшылық жумысын шөлкемлестириў тараўында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан еки тәреплеме товар алмасыў үштен бирге артты.

Россия инвестицияларын тарта отырып Өзбекстанда нефть-газ, энергетика, кән-металлургия, аўыл хожалығы тармақларында биргеликтеги жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Еки мәмлекет аймақлары арасында исбилерменлик байланыслары избе-из кеңейип бармақта.

Мәдений-гуманитарлық бағдарда, бәринен бурын, жоқары ҳәм орта  билимлендириў және туризм траўларында нәтийжели бирге ислесиў раўажланбақта.

Россия делегациясы ағзалары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар процесинде социаллық-экономикалық раўажланыў, жаслар тәрбиясы, денсаўлықты сақлаў потенциалын арттырыў, қала ҳәм аўыллар инфраструктурасын модернизациялаў бағдарында жүз берген өзгерислерди жоқары баҳалады.

ӨзА