Президент Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни Бухара-Үргенш-Хийўа темир жолын электрлестириў жойбары бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде транспорт тармақлары избе-из раўажландырып келинбекте. Атап айтқанда, 2018-жылы Бухара-Мискин темир жолы қурылып, Хийўаға шекемги аралық 242 километрге қысқарған еди. Соның менен бирге, электр поездының өнимдарлығы 4,5 есеге жоқарылығын инабатқа алып, пайдаланыўдағы темир жоллар электрлестирилмекте. Кейинги жыллары Қаршы-Китаб, Поп-Наманган-Әндижан ҳәм Қаршы-Термиз жөнелислери электрлестирилди.

Мәмлекетемиз басшысы хорезмлилер менен ушырасқанында 2024-жылы Хийўаға тез жүретуғын электр поезды жолға қойылатуғынын айтқан еди ҳәм бул реже Өзбекстан Республикасының 2022-2026-жылларға мөлшерленген инвестиция бағдарламасына киргизилди. Сол тәризде, Бухара-Үргенш-Хийўа темир жолын электрлестириў басланды.

Презентацияда бул жумыслардың барысы ҳәм күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул жойбардың баҳасы 445 миллион доллар. Соннан 270 миллион доллары Азия раўажланыў банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банкинен тартылады. Жойбар шеңберинде Бухарадан Хийўаға шекемги 465 километр темир жол тармағы электрлестириледи, бәндирги, станциялар ҳәм басқа да объектлер қурылады.

Жолдың нәтийжелилиги, соған жараса, әдеўир артады. Мәселен, поездлардың жоқары тезлиги саатына 250 километрге шекем болады. Нәтийжеде жолаўшылардың Ташкенттен ^ргеншке жетип барыў ўақыты 14 сааттан 6 саатқа, Бухарадан Хийўаға шекем 8 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Бул халқымызға үлкен қолайлық жаратып, туризмниң раўажланыўында да әҳмийетли фактор болады.

Тезлик есабынан темир жолдың өткериўшеңлиги де артады. Жүк тасыў имканияты жылына қосымша 11 миллион тоннаға шекем, жолаўшылар саны 2 миллион 300 мыңға көбейеди. Поездлар электр энергиясында жүриўи есабынан жылына 18 мың тонна дизел жанылғысы үнемленеди.

Мәмлекетимиз басшысы жойбардың сапалы болыўына айрықша итибар қаратты.

– Бурынғы жойбарларда қәнигелеримиз әдеўир тәжирийбе арттырды, сырт елли консультантлар да тартылды. Енди тийкарғысы – жумысты сапалы орынлаў. Бул жолды қанша жақсы ислесек, халқымызға шараят, туристлер ушын қолайлық, экономикамызға пайда болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бухара ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлерине тез жүретуғын поезд өтетуғын районлар менен қалаларда жол бойы хызметлерин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

– Темир жол барған жерге мәденият барады, өмир жанланады. Солай екен, бәндиргилер әтирапында, автомобиль жолларында болғанындай, саўда ҳәм хызмет шақапшаларын көбейтиў керек. Және бир ўазыйпа – темир жол бойлап шөл климатына сәйкес терек ҳәм путалар егиў зәрүр. Бул ҳәм аймақ экологиясына тәсир етеди, ҳәм жол бойларына сулыўлық бағышлайды,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз жуўапкерлерге ҳәзирги жойбарға үнлес түрде, Нөкис қаласына шекемги темир жолды да электрлестириў бойынша көрсетпе берди. Оның нәтийжесинде Ташкент пенен Нөкис арасындағы қатнаў ўақыты 16 сааттан 7 саатқа шекем қысқарады.

Илажда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, мәмлекетлик шөлкемлердиң имаратларында қуяш панеллерин орнатыў, халықты бул бағдарда хошаметлеў мәселелери бойынша да тапсырмалар берилди.

ӨзА