Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында COVID-19ға қарсы шаншыў илажларына бағышланған қәнигелердиң студент-жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2021-жылдың 28-июль күни елимиздеги эпидемиялогиялық жағдай, COVID-19ға қарсы шаншыў мәселелери бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар, қалаберди, елимиздеги эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, халықты COVID-19ға қарсы шаншыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумыслары күшейтилди. Усы мақсетте «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети, ЮНИСЕФ тиң елимиздеги ўәкилханасы менен биргеликте усы жылдың сентябр-декабрь айлары аралығында халықты COVID-19ға қарсы шаншыўға қаратылған илажлар өткериўди режелестирген еди.

Усы мақсетте өткерилген илажда халықты ғалаба түрде шаншыў кеселликти жоқ етиўдиң ең нәтийжели жолы екенлиги атап өтилип, бул бағдарда халықтың арасында, улыўма емлеў процесиниң қәўипсиз, кери нәтийжелерсиз болатуғыны ҳаққында  үгит-нәсият жумысларын күшейтиў бойынша әмелге асырылып атырған усындай илажлар барлық оқыў орынларында болып атырғаны, соған қарамастан, жаслар өз-ара билимлери менен алмасыўы үлкен нәтийже беретуғыны түсиндирилди.

Студент-жаслар усы бағдардағы өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги