UILA — электробайк ҳәм электромобиль гибриди. Берлиндеги  nFrontier компаниясы инженерлери ҳәм дизайнерлериниң  мийнет жемиси есапланады. Деталлары Stratasys F770 3D -принтеринен шығарылған. Машинаның көлеми 2, 3 х 0, 9 х 1, 7 м, салмағы 70 кг. Салонына 2 адам – айдаўшы ҳәм 1 жолаўшыға мөлшерленген.

Бул транспорт қуралын басқарыў ушын айдаўшылық гүўалығы шәрт емес. Соның менен бирге, онда велосипед тротуарынан жүриўи де мүмкин. Максимал тезлиги – 25 км/с. Батарея сыйымлылығы 1200 Вт⋅с. Толық қуўат пенен 60 -70 км.жол басады. Төрт 20 дюймге тең дөңгелеги бар.

2024-жылдан серияли ислеп шығарыў басланады. Баҳасы 10 000  эвро.


Хамре Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы 

тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги