Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-ноябрь күни Наўайы ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиў даўамында халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясына қатнасты. Сондай-ақ, аймақтағы санаат кәрханаларының жумысы менен танысты, орынларда халық пенен сәўбетлести, жаңа жойбарларды иске түсириўге қатнасты.

Дәслеп Наўайы қаласында халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында ўәлаят халқына терең ҳүрметин билдирип, сессияны ашық форматтағы сөйлесиў тәризинде өткериўди усыныс етти.

– Бүгинги ушырасыўымызда ең үлкен мақсет-мурадымыз – ашық форматтағы сөйлесиў. Наўайы ўәлаятындағы 330 мәҳәлле, 1 миллион 50 мың халықтың дәртин ашық айтып, илажын табыўымыз керек. Ҳүрметли депутатлар, нуранийлар, ул-қызларым, жүректеги сөзлериниңизди, орынлардағы машқаланы ашық айтсаңыз, маған дос боласыз. Барлық мәселлерге халқымыз бенен мәсләҳәтлесип  шешим тапсақ, нәтийже болады. Бул ушырасыўдан мен де разы болайын, халқымыз да разы болсын, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўде Наўайы ўәлаятын раўажландырыўындың бүгинги жағдайы талланды. Кейинги үш жылда аймақта 2 миллиард долларлық ири санаат жойбарлары иске түскен. Соның нәтийжесинде 10 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылып, жылына қосымша 1 триллион сум салық түсими ҳм 100 миллион доллар экспорт тәмийинленген.

Ўәлаятта экономиканы буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен резерв ҳәм имканиятлар бар екени көрсетип өтилди. Мысалы, импорт болып атырған өнимлерди кооперация тийкарында жергиликли исбилерменлер ислеп шығарса болады. Аўыл хожалығында шарўашылық тармағы толық иске қосылмай атыр. Мийўе-овощ сақлаў қуўатлықлары аз. Социаллық тараўда да халықты қыйнап атырған мәселелер бар.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Президент Наўайы ўәлаяты ҳәкими лаўазымына Нормат Турсуновтың  кандидатурасын усыныс етти.

Н.Турсунов 1972-жылы Ташкент ўәлаятында туўылған. Көп жыллар мәмлекетлик салық системасында ислеген. Ол 2021-жыл ноябрь айынан берли Наўайы ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарып келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы талабанды лаўазымға тастыйықлаўдан алдын ашықтан-ашық сөйлесип, оның режелерин тыңлаўды усыныс етти. Нормат Турсунов ўәлаятта исбилерменлик, санаат, аўыл хожалығын раўажландырыў, халыққа мүнәсип шараят жаратыў бойынша  режелери менен таныстырды.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, оларды әмелге асырыў илажларын белгилеп берди.

Исбилерменликти раўажландырыў ушын келеси жылы 26 жергиликли санаат орайы ҳәм киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына 600 миллиард сум қаратыў ўазыйпасы берилди. Улыўма, Наўайы ўәлаятын «кәмбағаллықтан ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймақ»қа айландырыў мүмкин екени атап өтилди.

Санаат тараўында келеси жылы 186 жойбарды әмелге асырып, 15 мың жумыс орнын жаратыў илажлары белгиленди. Бул импортты қысқартып, экспортты   250 миллион долларға жеткериўде әҳмийетли фактор болады.

Хатирчи, Кармана, Нәўбәҳәр, Қызылтепа ҳәм Нурата районларындағы 72 мәҳәлле картошка, овощ, жүзим ҳәм әнар жетистириўге қәнигелескен.

Мәмлекетимиз басшысы бул имканиятларды кеңейтиў ушын усы мәҳәллелер әтирапындағы 5 мың гектарда суў тәмийнатын жақсылаў зәрүрлигин атап өтти. Жайлаў өсимликлери туқмгершилиги хожалығы, геўрек плантациялары, агрологистика орайларын шөлкемлестириў бойынша да тапсырмалар берилди.

Социаллық тараўды раўажландырыў, мектеп ҳәм бақшалар қурыў, халықты турақ жай ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Улыўма, 2023-жылы ўәлаятта социаллық машқалаларды шешиўге қосымша  655 миллиард сум, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға және 750 миллиард сум ажыратылатуғыны мәлим етилди.

Таныстырыўдан кейин ўәлаятлық кеңес депутатлары талабанның режелерин додалап, өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Наўайы ўәлаяты ҳәкимин тайынлаў мәселеси даўысқа қойылды. Оның нәтийжелерине бола, Нормат Турсунов Наўайы ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Мәмлекетимиз басшысы белгиленген режелер енди турмысқа енгизилиўи, барлық шөлкемлер ҳәким әтирапында бирлесип, халыққа хызмет етиўи керек екени атап өтти.

Сессиядан кейин мәмлекетимиз басшысы наўайылы жаслар менен сөйлести.

– Мен қай жерге бармайын, көбирек жаслар менен ушырасыўға ҳәрекет етемен. Раўажланыў стратегиямызда, аймақлық бағдарламаларда үлкен мақсетлер қойғанбыз. Егер мәмлекетлик шөлкемлер, барлық дәрежедеги басшылар жаслар мәселелери менен толық шуғылланбайды екен, бул шеклерге ерисиўге болмайды, – деди Президент.

Наўайылы жаслар қәбилетли, барлық тараўларда белсенди. Быйыл жоқары оқыў орынларына кириў бойынша республикада биринши орынды ийеледи. Халықаралық пән олимпиадалары, абырайлы жарыслар жеңимпазларының да көпшилиги Наўайыдан.

Усы жылы жәмлеспеген жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў ушын 50 миллиард сум қаржы берилип, 13 мың  700 жигит-қыз өз жолын тапқан. 1 мың 600 гектар егислик майданы ажыратылып, 6 мыңнан зыят жаслардың бәнтлиги тәмийинленген. Шараяты аўыр студентлерге 6,5 миллаиард сум контракт пуллары төлеп берилген.

– Перзентлеримиздиң жетискенликлери, әлбетте, ҳәммемизге мақтаныш бағышлайды. Бирақ, буның менен шекленип қалыў керек емес. Жасларымыздың тилегин, талабын, ертеңги күнин тәмийинлеўге және нелер ислесек болады? Билим ҳәм кәсиплерди ийелеўи, потенциалын жүзеге шығарыўға қандай жәрдем бериў керек? Әне усы сораўлар мени қыйнайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан  Президент жаслардың пикир-усынысларын тыңлады. Жаслардың мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерди үйрениўи ҳәм жумыс табыўына жәрдем беретуғын жаңа платформаны иске түсириў ўазыйпасы қойылды.

Санаат зоналарына жасларды тартыў, жайлаўларға суў шығарып, шарўашылық басламаларын Исбилерменлик қоры арқалы қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Наўайы қаласында қәнигелескен спорт мектеби ҳәм мәҳәллелерде спорт дөгереклерин шөлкемлестирип, жаслар арасында спортты ғалаба ен жайдырыў зәрүрлиги атап өтилди. Жаслар қорынан ўәлаяттағы 325 мектепти китап ҳәм музыка әсбаплары менен тәмийинлеў, мәдений илажларды көбейтиў мәселелерине де әҳмийет қаратылды.

Ушырасыўда алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша Наўайы ўәлаяты тәжирийбеси жарататуғыны белгиленди. Бул системаның тийкарғы мақсети жасларды руўхый-ағартыўшылық жақтан раўажландырыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў болады.

Президенттиң Наўайы ўәлаятына сапар етиўи ўақтында «Зарафшан айна» кәрханасын иске түсириўге бағышланған мәресим болды.

Айна санаат, қурылыс ҳәм күнделикли турмыста ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден бири екени белгили. Атап айтқанда, елимизде қурылыс айнасына болған талап жылына 38 миллион квадрат метр. Наўайы ўәлаяты болса нағыслы таслар, кварц қум, базальт ҳәм каолин резервлерине бай.

Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында айна ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша көрсетпе берген еди. Бүгинги күнге келип, 250 милилон долларлық бул жойбар турмысқа асты.

Президент Шавкат Мирзиёев символикалық түйинди басып, «Зарафшан айна» кәрханасын иске түсирди.

– Ҳәзирге шекем бундай кәрханалар Ферғана ҳәм Жиззақта бар еди. Мине, олардың қатарына жаңадан қурылған, кең түрдеги өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен, «Зарафшан айна» кәрханасы да қосылмақта. Оның келешекте буннан былай да раўажланатуғынына, халқымызға хызмет ететуғынына исенемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кәрхананың жыллық өндирислик қуўатлылығы 12 миллион квадрат метр. Өнимлер импорттың орнын басыў менен бирге экспортқа да мөлшерленген. Бул жерде 700 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Илажда Ғазған қаласындағы «Мармарабад» кәрханасы менен де видеобайланыс арқалы байланысты. Ол мрамор ҳәм гранит тасларды қазып алып, қайта ислеўге қәнигелескен. Қытай ҳәм Иран мәмлекетлеринен үскенелер алып келинип, инженер ҳәм қәнигелер тартылған. 300 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы Наўайы қаласындағы «Гидро Станко Сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Наўайы ўәлаяты санаатласқан аймақ. Бул жерде таў-кән, металлургия, химия, энергетика кәрханалары көп. Оларға, улыўма, елимиз санааты ҳәм аўыл хожалығына машина қурылысы өнимлери бәрқулла зәрүр.

«Гидро Станко Сервис»те әне усылар ислеп шығарылады. Бул жерде кооперация арқалы 100 ден аслам қурылма ҳәм мыңнан аслам түрдеги комплектлеўши бөлимлер локализацияланған.  Нәтийжеде 2021-жылы 12 миллион доллардан аслам валюта қаржыларын үнемлеўге ерисилген. Быйылғы жылдың жуўмағы менен өндирис муғдары 23 миллион доллар болыўы күтилмекте.

Кәрханаға үскенелер Германия, Түркия, Италия ҳәм Қытайдан алып келинип орнатылған, 370 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Ҳәзирги ўақытта кәрханада қуйыў цехын шөлкемлестириў ҳәм  өнимлердиң түрин көбейтиў үстинде жумыс алып барылмақта.

Президентимиз қәнигелерге локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Бүгинги күнде Наўайы ўәлаятында локализациялаў бағдарламасы көлеминде баҳасы 1 триллион сумға шамалас 113 жойбар әмелге асырылмақта. Булардың нәтийжесинде усы жылдың өзинде 100 миллион долларлық импорт қысқартылыўына ерисиледи.

Сол күни «Наўайы» еркин экономикалық зонасын ҳәм Наўайы халықаралық аэропортын басқарыў бойынша ҳүжжетлерге қол қойылды.

Бул мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев қатнасып, шығып сөйледи.

– Бүгинги дүньядағы геосиясий жағдай ҳәр бир мәмлекеттен өз имканияты ҳәм ресурсларынан пайдаланыў, жаңа саўда ҳәм логистика коридорларын жаратыўды талап етпекте. Бул бағдарда дүньяның абырайлы компаниялары менен сөйлесиўлер алып барып, ең мақул усынысларды үйренип атырмыз. Мақсетимиз – елимиздиң экспорт потенциалын 2030-жылға шекем кеминде 3-4 есеге арттырыў, – деди мәмлекет басшысы.

«Наўайы» еркин экономикалық зонасы және  Наўайы халықаралық аэропорты санаат ҳәм логистика бойынша үлкен имканиятларға ийе. Оларда зәрүр инфраструктура ҳәм система жаратылған. Буннан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлериниң «DP World» комапниясы менен «Наўайы» еркин экономикалық зонасын басқарыў бойынша келисим «Terminals Holding» компаниясы менен Наўайы аэропорты жүк терминалын басқарыў бойынша шәртнамаға қол қойылды.

«DP World» «Наўайы» еркин экономикалық зонасында сырт ел инвесторларының талапларына жуўап беретуғын халықаралық ҳуқық нормаларын енгизип, ири өндириўшилерди өзине тартады.

«Terminals Holding» компаниясы Наўайы халықаралық аэропортының жүк айланысын кескин арттырыў ҳәм оны ири карго хаблары менен байланыстырыў менен шуғылланады. Бул бирге ислесиў Өзбекстанның тийкарғы халықаралық транспорт коридорларына интеграцияланыўы ҳәм транзит көлемин кеминде он есеге арттырыўға салмақлы үлес қосады.

Улыўма, бул еки келисим мәмлекетимизде инновация ҳәм жоқары технологиялық хызметлердиң көбейиўи, экономикамыз ушын ең әҳмийетли болған транспорт коммуникацияларының раўажланыўына хызмет етеди.

– Бул еки компанияның Өзбекстандағы бизнеси жедел раўажланыўына тилеклеспен. Бул жойбар мәмлекетлеримиз арасындағы тығыз бирге ислесиўдиң көлемин буннан былай да арттырыўға исенемен, – деди сөзиниң жуўмағында Президентимиз.

Мәресимде «DP World» ҳәм  «Terminals Holding» компанияларының басшылары келисимлерден кеўли толатуғынын билдирип, бул еки тәрепке үлкен имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икрам АВВАЛБОЕВ,

Абдували БЎРИЕВ,

ӨзАның хабаршылары