24-ноябрь күни сырт еллердиң мәмлекетимизге жаңадан тайынланған елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў салтанатлы мәресими болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы елшиси Ким Хи Санг, Қырғыз Республикасы елшиси Муса Жанабаев, Альжир Халық Демократиялық Республикасы елшиси Бумедиен Геннад, Қазақстан елшиси Бейбит Атамкулов, Америка Қурама Штатлары елшиси Жонатан Хэниктен исеним жарлықларын қабыл етип алды.

Мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерди қутлықлап, Өзбекстанда дипломатиялық миссиясын баслағаны менен қутлықлады.

Мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясына муўапық күшли демократиялық ҳуқықый мәмлекет, еркин пуқаралық жәмийетин қурыўға қаратылған кең көлемли ҳәм турақлы түрге енген реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Жер жүзинде болып атырған қурамалы геосиясий жағдайда Өзбекстан өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған аўыр сыртқы сиясат алып барып, барлық мәмлекетлер менен еки ҳәм көп тәреплеме шерикликти беккемлеп келмекте. Орайлық ҳәм Қубла Азия, Европа ҳәм Америка мәмлекетлери, араб-мусылман мәмлекетлери менен байланыслар жаңа басқышқа шықты.

Абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, глобал финанс институтлары менен шериклик кеңейип бармақта. Жақында Самарқанд қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитлери жоқары дәрежеде өтти.

Мәмлекетимизде базар экономикасы принциплерин тереңлестириў, жеке меншик секторды белсене қоллап-қуўатлаў, сырт ел инвестициясы ҳәм технологияларын кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Олардың нәтийжесинде кейинги кейинги 5 жылда экономикамыздағы сырт ел инвестицияларының көлеми 10 есеге артып, 40 миллиард долларға жақынласты.

– Биз келеси 10 жылда мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң көлемин еки есеге арттырыўды мақсет етип қойғанбыз,-деди Шавкат Мирзиёев. – Оның ушын бизде ерк-ықрар да, умтылыс ҳәм имканиятлар да жетерли. Бундай уллы шеклерге ерисиў ушын инвестициялар көлемин келеси 5 жылда 120 миллиард долларға жеткериў, соның ишинде, кеминде 70 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын тартыўды есап-санақ еткенбиз. Мәмлекетимиздиң есиклери жәҳән ушын, дүнья базарлары болса елимиз ушын ашық болыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа елшилер ўәкиллери болған мәмлекетлер менен ҳәр тәреплеме ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўдиң перспективаларына айрықша тоқтап өтти.

Корея Республикасы Өзбекстанның Азия-Тыныш океаны регионындағы тийкарғы саўда-экономикалық шериклеринен бири. Мәмлекетлер аралық қатнасықлар айрықша стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген. Кейинги бес жылда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда көлеми еки есеге көбейген, быйыл болса 30 процентке өсип, 2 миллиард долларға жеткен.

Корея Республикасы тәрепинен киргизилген инвестициялар көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалар саны да еки есеге көбейген. Ҳәзирги күнде бул мәмлекеттиң жетекши компанияларының қатнасыўында Өзбекстанда тоқымашылық, денсаўлықты сақлаў, турақ жай қурылысы, геология, фармацевтика, металлургия, автомобиль қурылысы тараўларында баҳасы 14 миллиард доллардан артық болған жүзге шамалас инвестициялық жойбарлар нәтийжели әмелге асырылмақта.

Мәлимлеме технологиялары, мәмлекетлик басқарыў, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында да Кореяның алдыңғы тәжирийбеси елимизде кең түрде қолланылмақта.

Быйыл мәмлекетимизде жасап атырған 200 мыңнан аслам корейс диаспорасы ўәкиллери Өзбекстан жеринде жасап баслағанының 85 жыллығын белгилемекте. Олардың жәмийетлик ҳәрекетлери мәмлекетлеримиз арасында өзине тән дослық көпири болып атырғаны атап өтилди.

2023-жылы Ҳүкиметлер аралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм Өзбекстан-Корея бизнес форумы өткерилиўи режелестирилген. Бул илажлардан бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын табыў ҳәм раўажландырыў ушын нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қырғызстан елшисине мүрәжат етип, мәмлекетимиз басшысы өзбек ҳәм туўысқан қырғыз халқының тарийхы ҳәм дәстүрлери бирдей болған жақын қоңсылар екенин атап өтти. Бүгин мәмлекетлеримиз арасында исеним ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған конструктивлик қарым-қатнас енгизилген. Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың өткен жылы 11-12-март күнлери Өзбекстанға мәмлекетлик сапары қатнасықларымыз тарийхында жаңа бет ашты.

Барлық әҳмийетли мәселелер өз ўақтында, ҳәр еки тәрептиң мәплерин есапқа алған ҳалда туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында шешилмекте. Әсиресе, ерисилген келисимлер тийкарында шегара мәселелери шешилгени мисли көрилмеген улыўмалық жетискенлигимиз болды.

Экономика, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланыслар да жеделлесип баратыр. Жылдың басынан берли мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көрсеткиши 30 процентке артып, 1 миллиард долларға жеткен.

Регионаллық инфраструктура жойбарлары, соның ишинде, Қамбарата гидроэлектр станциясы ҳәм Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай темир жолы қурылысының басланғаны да дос халықларымыздың улыўмалық мәплерине хызмет етеди.

Өзбекстан Президентиниң келеси айда Қырғызстанға болажақ сапары еки тәреплеме байланысларды және де беккемлейтуғынына исеним билдирилди.

Алжир – араб-мусылман дүньясында жедел раўажланып баратырған мәмлекет. Ҳәзирги күнде мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлардың беккем ҳуқықый тийкары жаратылмақта, парламентлер аралық дослық ҳәм бирге ислесиў топарлары нәтийжели жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы уқсас қәдириятлар ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған қатнасықларды системалы түрге ендириў ўақыты жеткенин атап өтти. Әсиресе, нефть ҳәм газ, таў-кән, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы, фармацевтика, туристлик тараўлары шерикликтиң перспективалы бағдарлары болып есапланады.

Еки тәреплеме бирге ислесиў потенциалын толық жүзеге шығарыў мақсетинде келеси жылы Ҳүкиметлер аралық биргеликтеги комиссияның биринши мәжилисин сондай-ақ, «Made in Uzbekistan» санаат көргизбесин өткериў усынысы билдирилди.

Қазақстан әсирлер даўамында қалың дос ҳәм жақын қоңсымыз, стратегиялық шерик ҳәм жақын аўқамласымыз. Кейинги жыллары еки тәреплеме байланыслардың пәти жоқары болып келмекте. Парламентлер аралық қатнасықлар, аймақлар арасындағы бирге ислесиў избе-из раўажланбақта.

Тийкарғы тараўларда 3 миллиард 500 миллион долларлық инвестиция жойбарлары әмелге асырылмақта. Өз-ара саўда көлеми де турақлы өсип бармақта. Бул көрсеткиш жылдың басынан берли 20 процентке артып, 4 миллиард долларға шамаласқаны да мәмлекетлеримиздиң потенциалы қаншелли үлкен екенин көрсетеди.

Жақында Қазақстанда болып өткен Өзбекстан мәденияты күнлери де еки туўысқан елди және де жақынластырыўға хызмет етти.

Декабрь айының басында Қазақстан Президентиниң Өзбекстанға күтилип атырған сапары мәмлекетлер аралық қатнасықларда жаңа дәўирди баслап беретуғынына исеним билдирилди.

Америка Қурама Штатлары Өзбекстанның глобал көлемдеги ең әҳмийетли ҳәм исенимли шериклеринен бири. Быйыл мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық байланыслар орнатылғанының отыз жыллығы ҳәм Стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларацияға қол қойылғанының жигирма жыллығы белгиленди.

АҚШ мәмлекетимиздиң ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин, сондай-ақ, кең көлемли реформаларды турақлы қоллап-қуўатлап келмекте.

Елимизде Америка Қурама Штатларының “General Electric”, “General Motors”, “Hyatt”, “John Deere”, “Boeing”, “Honeywell” сыяқлы жетекши компаниялары нәтийжели жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара стратегиялық шерикликтиң жаңа шараятында Өзбекстан саўда ҳәм инвестициялар, аўыл хожалығы, тоқымашылық, энергетика, билимлендириў, инновация, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң жақында болып өткен биринши мәжилисинде Америка компанияларының ўәкиллери де қатнасқаны жаңа жойбарларға жол ашатуғынына исеним билдирилди.

Сондай-ақ, «С5+1» форматындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди сондай-ақ, Аўғанстан бойынша сөйлесиўлерди избе-из даўам еттириў регионымыздың улыўма турақлылығына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәресим соңында Өзбекстан Президенти елшилердиң жуўапкершикли ҳәм мақтанышлы жумысына үлкен табыслар тиледи. Мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўди беккемлеў еле иске қосылмаған потенциалды жүзеге шығарыў, жаңа «өсиў ноқатлары»н табыў бағдарында белсенди ҳәм интакер болыўға шақырды.

Елшилер шын кеўилден қабыллағаны ҳәм нәтийжели жумысына жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, еки тәреплеме байланысларды және де раўажландырыўға бар билим ҳәм күш-ғайратын жумсайтуғынын атап өтти.

ӨзА