Арқа-шығыс Азия мәмлекетлери ассоциациясы – АСЕАН қорғаныў министрлериниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Бул илаж структураның бирлиги ҳәм үлкен әҳмийетине байланыслы биргеликтеги миннетлемелерди беккемлеўге хызмет етеди,-деп есаплайды Камбоджа қорғаныў министри Теа Бан.
«Синьхуа»ның жазыўынша, Теа Бан регион ҳәм пүткил дүнья қәўипсизлигиниң ҳәзирги көриниси жүдә әззи ҳәм барған сайын белгисиз болып қалып атырғанын атап өткен. Сондай-ақ, кейинги 16 жыл ишинде мәжилис АСЕАН тынышлығы, қәўипсизлиги ҳәм турақлылығы ҳәм раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде стратегиялық сөйлесиўди, өз-ара исенимди беккемлеў, регионаллық бире ислесиўди кеңейтиў ушын пайдалы платформаға айланғанын да қосымша еткен.
Г.Абдуллаева,
ӨзА