Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси  тәрепинен Нөкистеги «Зыяда-нур» оқыў орайында оқыған «Жаслар дәптери»не киргизилген 40 жасқа дипломлары тапсырылды.

Президентимиздиң «Ҳаял-қызларды кәсип өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимизде «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге бийпул оқытыў әмелге асырылмақта.

– Бул жаслар орайымызда 5 бағдар бойынша билим алды. Оларға келешекте өз кәсибиниң маманы болыўына тилеклеспен, -дейди «Шуҳрат» медалының ийеси, «Зыяда-нур» оқыў орайының баслығы Зыяда Утеназарова. – Орайымыз тийкарынан 2018-жылы ашылған болып, бүгинги күнде 18 бағдар бойынша оқытылады. Орайымызда бүгинги күнде 13 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

– Бизлер заманагөй тигиў машиналары менен тәмийинленген «Зыяда-нур» оқыў орайында оқыдық, -дейди Мунира Сапарова. – Оқыўым жуўмақланғаннан соң жумыс ислеўге болған ықласым, талапшаңлығым себепли усы жердиң өзинде жумыс пенен тәмийинлендим. Басқа ҳаял-қызлардың да жеке тәртипте тигиўшилик жумысын жолға қойыўы ушын барлық шараятлар жаратып берилди.

Жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, оларды кәсипке бағдарлаў, сол арқалы өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде шөлкемлестирилген усындай илажлар республикамыздың барлық аймақларында даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги