Усы жыл 22-ноябрь күни жойбар тийкарында 4 миллиард 185 миллион сум қаржы есабынан жаңадан салынған Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының жаңа еки қабатлы имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа суд имаратының ашылыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды жанындағы судлардың жумысын тәмийинлеў департаментиниң директоры Б.Тешабоев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Бозатаў районы Ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Қайпов, «Әмиўдәрья махсус қурилиш» ЖШЖ баслығы Ж.Оллабергенов, тараў нураныйлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.


Атап өтилгениндей, елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде судлардың материаллық техникалық базасын беккемлеў, судья ҳәм суд хызметкерлери ушын мүнәсип жумыс шараятларын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Илаж қатнасыўшылары районда бой тиклеген усы жаңа имаратта тараў қәнигелери ҳәм пуқаралар ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен танысып, мәмлекетимиз басшының тараўға болған итибарын айрықша атап өтти ҳәм судьяларға әдалатты тәмийинлеўдеги жумысларында табыслар тиледи.


Қарақалпақстан хабар агентлиги