Беруний районы Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 47-санлы улыўма билим бериў мектеби  басламалы бюджет процесинде көп даўысқа ийе болып, 800 миллион сум қаржы есабынан заманагөй жылытыў системасын орнатыў жумыслары алып барылды.

Мектеп имараты жүдә үлкен ҳәм қыс айларында жылытыў системасы көп жанылғы талап етеди.  Буннан тысқары райондағы бир қатар аймақлар тәбийғый газден үзилгенлиги себеп, социаллық тараў объектлери альтернатив жанылғылардан пайдаланған ҳалда жылытыўға өткен еди.

Заманагөй жылытыў печлери көмирдиң жәрдеминде ислетилмекте. Жәми 640 оқыўшыға мөлшерленген мектепте еки гезекте 1340 оқыўшы билим алмақта.

Заманагөй жылытыў үскенесиниң иске түсиўи мүнәсибети менен район ҳәкими Атабек Сапарбаев бул жерде болып,  шараятлар менен жақыннан танысты. Қәбилетли оқыўшылар тәрепинен «Бес баслама» шеңберинде шөлкемлестирилген дөгереклер ҳәм мектеп китапханасы менен танысты. Мектептеги социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардағы 20 оқыўшыға  мектеп формасы саўға етилди.

Аймақ белсендилери ҳәм ата-аналардың қатнасында өткерилген ушырасыўда оқыўшылардың билим дәрежесин арттырыў,  балалар тәрбиясына итибар қаратыў, сондай-ақ, шаңарақта перзент ҳәм ата-аналардың қатнасы сыяқлы әҳмийетли мәселелери бойынша  пикир алысыўлар болды.

Бундай ушырасыўлар мектеплерде даўам етпекте.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги