Хожели районы Бунёдкор мәкан пуқаралар жыйыны аймағында алтернативалы энергия ресурсын ислеп шығырыўшы «FARMERGY» сырт ел кәрханасы иске түсти.

Оның ашылыўында шығып сөйлегенлер, елимизде халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, буның ушын альтернативалы энергия ресурсын ислеп шығырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап  өтти.




Жаңа кәрханада күниге 50 тонна, жылына 5 мың тоннадан зыят боян тамыр шығындысынан брикет (пеллет) ислеп шығарылады. Буның ушын бул жерге Корея Республикасында ислеп шығарылған заманагөй үскенелер орнатылды. Нәтийжеде жигирмаға шамалас жаңа жумыс орны жаратылды.
Илаж қатнасыўшылары жаңа кәрханадағы өндирис процесслери ҳәм жумысларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.



Қарақалпақстан хабар агентлиги