2022-жылдың 9-ноябрь күни Токиодағы Император сарайында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Азиз Абдуҳакимовқа «Шығып атырған Қуяш Үлкен Кордон Ордени»н тапсырыў мәресими болып өтти. Дәстүрге бола, орденди Япония императоры Нарухито Бас министр Фумио Кишидо қатнасыўында тапсырды.

Азиз Абдуҳакимовтың  «Шығып атырған Қуяш Үлкен Кордон Ордени» менен сыйлықланыўы Япония ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық қатнасықларды беккемлеўге қосқан көп жыллық үлеси тән алынғанын тастыйықлайды.

Бул орден 1785-жылдан берли берилип киятырған болып, Япониядағы ең әййемги ҳәм  «Шығып атырған Қуяш Үлкен Кордон Ордени»ниң ең жоқары дәрежеси (6-дәреже) болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги