Соңғы жыллары елимизде өсип киятырған жас әўладтың заман талабына сай билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўине айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, бунда ҳәзирги күнлери улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класында оқып билим алып атырған оқыўшыларды белгили бир кәсип-өнер ийелеўге бағдарлаў, олардың кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм кәсип таңлаўға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде өткерилип атырған «Кәсиплик билим ҳәм мәсләҳәт айлығы» айрықша әҳмийетли орын тутпақта.

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класында оқып атырған оқыўшылар да усы айлық шеңберинде район орайында жайласқан Шымбай кәсип-өнер мектеби ҳәм «Отаў» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, ол жерде оқыўшылардың өнер үйрениўи ҳәм ислеўшилер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

-Кәсип-өнер мектебинде бизлер автомашиналарға қалайынша техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оларды басқарыў бойынша устаз муғаллимлерге өз сораўларымызды берип, оларға тийисли жуўаплар алдық,-дейди бизге 9-класс оқыўшысы Айдосбий Ғаррыбаев.-Сондай-ақ, бизлер досларымыз бенен қараүй соғыў устаханасында болып, ол жерде өнермент ағаларымыздан миллий өнерментшилик сырларын үйрендик.

Қулласы, саяхат бизлер ушын келешегимизди белгилеўде әҳмийетли орын ийеледи, деп толық айта аламан.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы