25-ноябрь–Халықаралық ҳаял-қызларға зорлық көрсетиўди сапластырыў күни» мүнәсибети менен «Зорлықсыз шаңарақ – абадан турмысқа қарай» сүрени астында республикамызда 16 күнлик акция өткериледи. Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигинде акция шеңберинде ғалаба хабар қураллары ушын семинар шөлкемлестирилди.

Онда Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң, бирге ислесиўши министрликлердиң қәнигелери ҳәптелик даўамында өткерилетуғын илажлар, олардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, усы бағдардағы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер менен таныстырды. Атап айтқанда, «Саламат шаңарақ – елимиз келешеги», «Бахытлы балалық», «Бахыт бериң ҳаялға, меҳир бериң», «Зорлықсыз шаңарақ – абадан турмысқа қарай» сүренлери менен республикамыздың барлық қала ҳәм районларында тереңлестирилген медициналық тексериўлерди, спорт жарысларын, спартакиадаларды, психологиялық тренинглерди, марафонлар ҳәм исбилерменликке бағдарлаўшы ушырасыўларды өткериў режелестирилген. «Шаңарақ муқаддес қорған», «Бахытлы шаңарақ сырлары» сыяқлы радиоеситтириў ҳәм телекөрсетиўлер шөлкемлестирилип, «Социаллық бейимлесиў мәсләҳәтхана» лары арасында таңлаўлар өткериледи.

–  Бүгинги күнде ҳаял-қызлар арасында психологиялық зорлық яғный ер адам ҳаялына, қәйинене келинине, қоңсылар арасында зорлық көрсетиў жағдайлары көп ушырасып атыр. Ҳәзирге шекем мыңнан аслам усындай психологиялық басым астында қалған ҳаял-қызларға қорғаныў ордерлери берилди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы инспекторы, майор Бийбиназ Нурыллаева. – Ҳаял-қызларымыздың ҳуқықый мәплерин, оларды зорлықтан қорғаў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен 2019-жылы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспекторы лаўазымы енгизилип, олар бүгинги күнде барлық қала ҳәм районлардың ишки ислер бөлимлеринде жумыс алып бармақта. Қыйын жағдайға, зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар биймәлел оларға хабарласыўы мүмкин.

Семинар даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери усы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы