Дүнья бойлап «Антибиотиклерден дурыс пайдаланыў бойынша хабардарлығын арттырыў» ҳәптелиги өткерилмекте. Ҳәптелик шеңберинде 22-ноябрь күни Нөкистеги Орайлық дийқан базарында илаж өткерилди.

Нөкис қалалық медицина бирлеспеси ҳәм «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми тәрепинен өткерилген илажда қаламыз турғынлары менен районлардан келген пуқаралар ҳәм сырт елли туристлер де қатнасты.

– Шыпакерлерден туберкулёз кеселлигиниң жуғыў жоллары, белгилери, антибиотиклерден пайдаланыўда нелерге итибар бериў кереклиги, олардың пайдасы ҳәм зыяны ҳаққында көп мағлыўмат алдым, -дейди бозатаўлы П.Рысназаров. –Кейин викторинада қатнасып, медициналық билимимди сынап көрдим. Үйге барып, перзентлериме де бүгин алған мағлыўматларымды айтып беремен.

Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен 18-ноябрьден 24-ноябрьге шекем өткерилип атырған ҳәптелик шеңбериндеги илажлар 21-ноябрьде Бозатаў районындағы дийқан базарында өткерилип, ертең Кегейли районында ҳәм алдағы ўақытлары басқа районларда да болып өтеди.

Илаж соңында халықтың медициналық саўатлылығын арттырыў мақсетинде викторина шөлкемлестирилип, қатнасыўшыларға саўғалар тарқатылды.

-Антибиотиклерден дурыс пайдаланыў бойынша халқымыздың аз болса да хабардарлығын арттырсақ, қуўанышлымыз, -дейди Нөкис қалалық медицина бирлеспеси шыпакери Т.Ганиева. – «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң қәнигелери менен бирге ең шетки аймақлардағы халықтың да медициналық саўатлылығын арттырыў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.