Әйне күнлери Израилдың Иерусалим қаласында шахмат бойынша ерлер сайланды командалары арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Онда дүньяның ең күшли 12 командасының бири сыпатында Өзбекстан сайланды командасы да мүнәсип түрде қатнасып атыр.

Атап айтқанда, командамыз ағзалары 1-турда Әзербайжанға қарсы ойында

1,5 : 2,5 есабында жеңилиске ушыраған болса, 2-турда Израил ўәкиллерин  2,5 : 1,5 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ал, 3-турда болса, командамыз шахматшылары АҚШты 2,5 : 1,5, 4-турда Ҳиндистанды 3,5 : 1,5 есабында утып шығып, өз упайлар санын 10 ға жеткерди ҳәм өз топарында биринши орынға көтерилип алды.

Бүгин Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Польша сайланды командасына қарсы ойын өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы