Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 10-ноябрь күнги 49-санлы мәжилис протоколы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 11-ноябрь күнги 01-0/13-11/596-санлы мәжилис протоколлары тийкарында республикамыз аймағында “15-ноябрьден-15-декабрь күнлери аралығы Ɵрт қǝȳипсизлиги айлығы” сыпатында белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен айлық шеңберинде бүгинги күни республикамызда пуқаралардың ийис газинен зǝҳǝрлениȳиниң алдын алыў, район аймақларда жайласқан мәкемелер, көп қабатлы турақ жайларда ѳрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар өткерилип келинбекте.

Усындай илажлардың бири Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти.




Онда Нѳкис районы Айрықша жағдайлар бѳлими баслығының орынбасары Б.Абдикаримов, мектеп директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Т.Бекниязов, директордың Жасларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша орынбасары М. Примбетовлар шығып сөйлеп, өртлер профилактикасы, ѳртлердиң алдын алыȳ бойынша ǝмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, илажда оқыȳшы жасларға Ɵрт ѳшириȳ хызмети ҳǝм онда ислеȳши ѳрттен қутқарыȳшылардың күнделикли атқаратуғын жумыслары, қолланатуғын ǝсбап-үскенелери ҳǝм ѳрт ѳшириȳ автомашинасы бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы