Усы жыл 21-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде футбол бойынша Өзбекстан чемпионаты биринши лигасының соңғы турында жеңиске ерисип, келеси жылы Про-лигада ойнаў ҳуқықын қолға киргизген Нөкистиң «Арал» командасы футболшылары ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, мәмлекетимизде спортты, соның ишинде, футболды раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Команда футболшыларын қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады.
Буннан кейин команда тренерлери ҳәм ойыншыларына ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилери тапсырылды. Атап айтқанда, «Арал» профессионал футбол клубының бас тренери Нағметулла Қутыбаев «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы, «Арал» профессионал футбол клубының директоры Азамат Алланиязов, клуб бас тренериниң жәрдемшиси Айбек Нурбаев, Қарақалпақстан футбол ассоциациясының биринши вице-президенти Исхак Ибрагимов «Ўатан пидайысы», команда ойыншылары «Үмит ушқыны» көкирек белгилери менен сыйлықланды. Сондай-ақ, команда тренерлери ҳәм ойыншыларының ҳәр бирине 10 миллион сумнан ақшалақ сыйлық тапсырылды.
Илажда футболшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жетерли шараят жаратып бериў, келеси жылы да табыслы қатнасыўын тәмийинлеў бойынша мәселелер сөз болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери