Бүгин, 21-ноябрь күни Өзбекстан бойлап алағат бултлы ҳәм қурғақ ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Күндизги ҳаўа температурасы 13-15 градус жыллы, қубла аймақларда 18-21 градус жыллы әтирапында болады.

Шийшемби күнинен баслап жумыс ҳәптесиниң соңына шекем Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан қурғақ ҳәм оғада жыллы ҳаўа кирип келиўи күтилмекте. Температура фоны 6-8 градусқа көтериледи. Күндизги ҳаўаның температурасы шийшемби күни 15-17 градус жыллы, соңынан 18-20 градус жыллы, айырым жерлерде 23 градус жыллыға шекем көтериледи.

Өзбекстан бойлап жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Ташкент ўәлаятының базы жерлеринде шийшембиге өтер түнде бираз жаўын жаўыў мүмкин, таўларда жаўын-шашын болады.

21-22-ноябрьде республиканың таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар.

Бүгин ҳәм ертең республиканың айырым жерлеринде самал 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

Өзбекстан бойлап базы орынларға думан түсиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.