Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтында «Диний кеңпейиллик ҳәптелиги» шеңберинде «Диний кеңпейилликти қоллап-қуўатлаў тәрепдарымызӘ» атамасында илаж болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының қәнигелери, республикамыздағы миллий мәдений орайлардың ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар қатнасты.

«Ағартыўшылық ҳәм миллетлераралық кеңпейиллик» сүрени астында өткерилген илажда қәнигелер ҳәптелик даўамында өткерилген илажлар, олардың мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берди. Атап өтилгениндей, пүткил дүньяда БМШ Бас Ассамблеясының қарарына муўапық, 1997-жылдан берли 16-ноябрь күни «Халықаралық кеңпейиллик күни» сыпатында белгиленип келинеди.  

Президентимиздиң «Миллетлераралық қатнасықлар бағдарында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының коцепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы шеңберинде ҳәр жылы «Диний кеңпейиллик ҳәптелиги» өткерилмекте. Ҳәптелик шеңберинде республикамыздың барлық аймақларында ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери менен биргеликте «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Дослық бағы»н жаратыў, «Дослық ушын» терек нәллерин егиў илажлары, «Биз бир мәмлекетте жасап атырған бир халықпыз» атамасында илимий-әмелий ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар, спорт беллесиўлери өткерилди.

Халықаралық кеңпейиллик күнине бағышланған «Диний кеңпейиллик ҳәптелиги» илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 15-21-ноябрь күнлери аралығында өткерилди.



Нөкис кәншилик институтындағы илаж шеңберинде институттың профессор-оқытыўшылары, Миллий мәдений орайлардың ағзалары, жоқары оқыў орынларында оқып атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде институт аймағына мийўели ҳәм саяманлы тереклердиң нәллерин отырғызды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги