«Zamin» қайырқомлық фонды тәрепинен республикамыздағы арнаўлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланып атырған еситиўинде нуқсаны бар балалар медициналық тексериўден өткерилип, оларға анық диагноз қойылды. 12 тәрбияланыўшы болса «Еситиўди қәлеймен» қайырқомлық жойбары шеңберинде ең соңғы модельдеги заманагөй санлы еситиў аппараты менен бийғәрез түрде тәмийинленди.


Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында 5 усындай мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, Нөкистеги 26, Хожелидеги 17, Шымбайдағы 24, Берунийдеги 16-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги