Орайлық банктиң пул агрегатлары есабатындағы мағлыўматларға бола, айланыстағы нақ пул муғдары 1-ноябрь жагдайына бола, 43,778 триллион сумға жеткен.

Айланысқа шығарылған нақ пуллар сентябрь айында 42,303 триллион сумға жеткен болса, октябрь айындағы пул муғдары 43,786 триллион сумға жетти. Анық болыўынша, ноябрь айына келип бул көрсеткиш 8 триллион сумға азайып, 43,778 триллион сумды қураған.

Сондай-ақ, 1-сентябрь жағдайына бола кең мәнидеги пул массасы 9 триллион сумға азайып, 168 триллион сумға жетти. Октябрь айында болса бул көрсеткиш 174,1 триллион сум болған болса, ноябрьге келип кең мәнидеги пул массасы 171,3 триллион сумды қураған. Соның менен бирге, тар мәнидеги пул массасы 80,4 триллион сумды қурайды.

  

Сәрсенбаева Бийбиназ,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги