Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мәлим етиўинше, планетамыз халқының 45 проценти, яғный 3,5 миллиардқа шамалас адам тис, милк ҳәм басқа аўыз бослығы кеселликлери менен гүреспекте.

Тийкарынан, соңғы 30 жылда наўқаслар саны бир миллиардқа көбейген.

Анық болыўынша, бул кеселликлер арасында ең көп тарқалғаны тис кариеси болып есапланады. Ҳәзир ол дүнья бойынша 2,5 миллиардқа жақын адамда ушырайды.

Сондай-ақ, ҳәр жылы 380 мың наўқасқа аўыз бослығы раки анализи қойылмақта.

Есап-санақ бойынша, Жер жүзи халқына стоматологиялық хызмет көрсетиў бағдарында машқала ҳәм тосқынлықлар көп. Олардан ең тийкарғысы усы түрдеги медициналық хызметлер баҳасы сезилерли дәрежеде қымбат екенлиги.

 

Дилфуза Қуўанышбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги