Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамының шөлкемлестириўинде, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында, композитор, Өзбекстан композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы Нурназар Қәллибековтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған ушырасыў кешеси өткерилди.

Онда Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист Х.Дәўлетназаров, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери К.Заретдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Н.Қәллибековтың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Н.Қәллибеков 1959-жылы Қараөзек районында туўылған. Жас ўақытларынан-ақ, қосық айтыўға, музыкаға қызыққан.

Орта мектепти тамамлап Ж.Шамуратов атындағы көркем өнер училищесинде, соң М.Ашрафий атындағы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының вокал факультетинде оқыйды. Ол өз мийнет жолы даўамында бир қатар көркем өнер орынларында жемисли мийнет етип, көплеген шәкиртлер таярлады. 100 ден аслам ҳәр қыйлы қосықларға нама жазған. Оның «Жаслығым сен мени таслап барасаң», «Излер едим», «Арал», «Анажан», «Мен қызыман қарақалпақ халқының» ҳәм басқа да қосықларын халқымыз сүйип тыңлайды. Соның менен бирге, ол бир қатар хор ушын қосықлардың, фортопиано ушын 6 атамадағы киши пьеса, дуэтлердиң ҳәм жеке намалардың, романс тақылеттеги қосықлардың авторы. Оның шәкирлери көплеген таңлаўларда жеңимпаз болып келмекте. Композитор бүгинги күнде филиалдың «Халық дөретиўшилиги кафедрасы»нда ассистент оқытыўшы болып жумыс ислемекте.

Илажда композитор тәрепинен дөретилген шығармалар тийкарында таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
















Қарақалпақстан хабар агентлиги