Нөкистеги 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа талабанларды таңлап алыўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Елимизде ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, ҳәр қыйлы салаларда қәбилет ҳәм имканиятларын жүзеге шығарып атырған, өзиниң идеялары менен басламаларын алға қойып, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған қызларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда талабанлар 7 бағдар бойынша өз қәбилетлерин көрсетти.














Быйылғы районлық (қалалық) басқышларда жәми 530 қәбилетли қыз қатнасқан болса, соннан 83 қыз Қарақалпақстан Республикасы басқышына усыныс етилди.

– Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың енгизилгенине 23 жылдан асты, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова. –Быйыл бул Мәмлекетлик сыйлықтың қала ҳәм районлық таңлап алыў басқышлары октябрь айында өткерилген болса, Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы тәрепинен республика басқышына жетип келген қызларды таңлап алыў басқышы 18-ноябрьде өткерилди. Билимлендириў, илим, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт ҳәм жәмийетлик бағдарлар бойынша ҳәр бир қатнасыўшының таярлаған ҳүжжетлери ҳәм қәбилетлери комиссия тәрепинен көрип шығылды.

Соңғы жыллары ҳаял-қызларымыздың билим алыўына жоқары дәрежеде итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң «Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары бойынша, сыртқы, күндизги, кешки бөлимлерде, сондай-ақ, техникум, кәсип-өнер колледжлери ҳәм мектеплеринде  билим алып атырған қызларға шәртнама-контракт пулларын төлеў ушын оларға процентсиз кредит бериў жолға қойылды. Сондай-ақ, 2022-жылдың 7-март күнги пәрманы менен 2022-2023-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери мәмлекет бюджетинен қаплап берилиўи белгиленди. Быйылғы жылдың өзинде Қарақалпақстан Республикасында 150 қыздың контракты жергиликли бюджет есабынан төлеп берилди. Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен қаншадан-қанша қызлардың контракт төлемине жәрдем берилди.

– Нөкис районындағы 19-санлы мектептиң 11-класында оқыйман, -дейди жәмийетлик бағдар бойынша қатнасыўшы Фарида Аманиязова. – Кишкене ўақтымнан тоқымашылық, аяқ ойыны, спорттың волейбол түри менен шуғылланып келемен. Усы қызығыўшылықларым арқалы бир қанша таңлаўларда қатнасып, сыйлы орынларды ийеледим. Сондай-ақ, қосық жазыўды да унатаман. Дәслепки қосықларым «Жеткиншек», «Ақмаңғыт таңы» газеталарында, Ташкент қаласында басылып шығатуғын «Smile» журналында шықты. Жақында өзимниң қосықларым жәмленген «Дүнья, бахыт, мен» атамасындағы китабым басылып шықты.

– Мен спорттың белбеўли гүрес түри менен 6 жылдан берли шуғылланаман, -дейди Нөкис районындағы 22-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы, спорт бағдары бойынша қатнасыўшы Эльдура Әлимбаева. – Бүгинги күнге шекем 7  мәрте Өзбекстан чемпионы болдым ҳәм быйылғы жылдың май айында Ферғана ўәлаятында болып өткен жәҳән чемпионатында 2-орынды ийеледим. Зульфия апамыздың избасары боламан, деген үмиттемен.

Барлық бағдарлар бойынша комиссия ағзалары тәрепинен талабанлардың дөретиўшилик жумыслары, илимий излениўлери, жетискенликлери белгиленген нормалар тийкарында баҳаланып, қатнасыўшылар арасынан жоқары көрсеткишлерге ерискен, жәмийетлик жумысларда заманласларына өрнек болып атырған, айрықша қәбилети менен танылған жасларға айрықша итибар қаратылды.

– Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың Қарақалпақстан Республикалық комиссиясы қурамында көркем өнер бағдарында ҳүжжет тапсырған талабанлардың ҳүжжетлерин көрип шықтым, -дейди Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, көркем өнер изертлеўшиси, художник Улбосын Утегенова. – Қызлардың барлығы қәбилетли, шаққан екен. Гилем тоқыў, көркем сүўретлеў, қосық айтыў ҳәм басқа да өнерлерин көрсеткен қызлардың барлығына әўмет тилеймен.

Илаж соңында ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша мүнәсип қызлар республикалық таңлап алыў басқышында қатнасыў ушын усыныс етилди.

 

         М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

 М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери