Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал демократиялық партиясы шөлкемлестирилгенлигиниң 19 жыллығы мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары өткерилди.
Усындай илажлардың бири Беруний районында да шөлкемлестирилди.
Онда атап өтилгениндей, партия 19 жыл даўамында елимизде исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелге асырылыўында белсене қатнасып, халықтың мәпин қорғап, оның исенимин ақлаўға ҳәрекет етип етпекте.
Партияның бағдарламалық мақсет ҳәм идеялары арқалы исбилерменлердиң қатарын кеңейтиўге, сондай-ақ, республикамыздың экономикасын раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға мүнәсип үлес қоспақта.
Районда партияның 4 мыңнан аслам ағзасы бар. Олар 64 басланғыш шөлкемге бириктирилген ҳалда жумыс алып бармақта. Районлық Кеңестен сайланған 12 депутат халықтың исенимин ақлаўға ҳәрекет етпекте.
Илажда партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик көрсетип бир қатар депутатларға миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги